Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған бир топар пуқараларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманына шолыў

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Мүбәрек Рамазан ҳайытын белгилеў алдында халқымызға тән жақсылық, кеңпейиллик, адамгершилик, мийрим-шәпәәт ҳәм кеширимли болыў сыяқлы уллы пазыйлетлердиң айқын белгиси сыпатында «Жаза мүддетин өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманына қол қойды.
Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 109-статьясы 23-бәнтине тийкарланып жаза мүддетин өтеп атырған ҳәм қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған 488 пуқара әпиў етилди.
Әпиў етилген пуқаралардың 100и тийкарғы жазадан толық азат етилди, 268и жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етилди, 34 иниң еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 86 пуқараға тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.
Әпиў етилгенлердиң 17 син сырт ел пуқаралары, 37син ҳаял-қызлар, 37син 60 жастан асқан ер адамлар, 167 син жаслар (солардан, 1 еўи жас өспирим) ҳәм 5 еўин қадаған етилген шөлкемлер жумысында қатнасқан пуқаралар қурайды.
Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген пуқараларды шаңарағы ҳәм жақынларының қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА