Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Қорғаныў министрлиги арасында бирге ислесиў меморандумына қол қойылды

359

Аўыл хожалығы министри Иброҳим Абдураҳмонов ҳәм Қорғаныў министри, генерал-майор Шуҳрат Холмуҳамедов арасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыў алдында Иброҳим Абдураҳмонов Президентимиздиң аўыл хожалығы тараўындағы ақылға уғрас сиясаты нәтийжесинде жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, халықты тийкарғы азық-аўқат өнимлери менен тәмийинлеў, экспорт көлемин арттырыў, базардағы баҳаның турақлылығын сақлаў ҳәм дийқанлардың дәраматын көбейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып атырғанын атап өтти.

Сөйлесиў даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў, өз-ара қатнасықлар перспективаларын белгилеў, жумыс бағдарларына байланыслы нызамшылық ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған нәтийжелерге ерисиў мәселелери додаланды. Сондай-ақ, Қорғаныў министрлиги әскерлеринде тараўға байланыслы маман кадрларды таярлаў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиў бойынша пикир алысылды.

Ушырасыўда бирге ислесиўге жаңа сапа бағышлаў, дәстүрий дослық қатнасықларды және де беккемлеў ҳәм барлық бағдарларда бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша келисимлерге ерисилди. Сондай-ақ, Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм Қорғаныў министрлиги арасында бирге ислесиўди беккемлеў бойынша меморандумға қол қойылды.

Меморандумға бола, Қорғаныў министрлиги егислик жерлерден нәтийжели пайдаланыў, аўыл хожалығы қәнигелери қатнасыўында агротехникалық илажларды әмелге асырыў, шарўашылықты раўажландырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша мәлимлеме ҳәм тәжирийбе алмасыў жолға қойылады. Буннан тысқары, қәнигелер ушын тренинглер шөлкемлестириў, егислик майданлары ҳәм жайлаўлардан үнемли пайдаланыў, өнимдарлықты арттырыў, туқымгершиликти раўажландырыў ҳәм органикалық аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў сыяқлы бағдарларда бирге ислесиў әмелге асырылады.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА