Китап балаларға сезимлерин жылаўлаўды үйретеди

376

Данияда бир класс ханасында балалар шеңбер болып отыр. Бүгин олар ушын әдеттеги сабақ – сезимлер (эмпатия) сабағы. Муғаллим сораў береди: «Соңғы мәрте қашан ашыўың келген еди? Сол гезде нелерди сезиндиң?» Балалар гезек пенен айтып берди – кимдир инисине ашыўы келген, кимдир ойында утылып қапа болған, және кимдир достысы менен урысып жылаған. Муғаллим олардың сезим-туйғыларын додалайды, оларды түсиниўге ҳәм басқарыўға жәрдем береди.

Бундай сабақлардың мақсети әпиўайы: балаларды өз сезимлерин түсиниўге, басқаларды түсиниўге ҳәм жәмийетте социаллық бейимлесиўди жаратыўға үйретиў.

Илимий изертлеўлер соны көрсетеди, өз сезимлерин түсинип, басқара алатуғын инсанлар руўхый жақтан беккемирек болады, күшли қатнасықлар қура алады ҳәм ҳәттеки билим алыўда әўметлирек болады.

Бизлерде мектепте бундай өз алдына пән жоқ. Бирақ бул ҳаққында улыўма сөйлесип болмайды дегени емес.

Китап оқыў ҳәм әдебият сабақлары сезимлерди түсиниў ушын әжайып имканият! Ҳәр бир гүрриң негизинде сезимлерге бай. Қаҳарман неге бундай жол тутты! Сол ўақытта ол нени сезди! Егер сен оның орнында болсаң, өзиңди қандай  сезер едиң! Неге оған ашынып атырсаң! Усындай сораўлар балаларға китапты тек ғана оқыў емес, оны сезиўге, сол арқалы өз сезимлерин үйрениўге имканият береди.

Ҳәр бир муғаллим, ҳәр бир ата-ана бул «Дания усылы»н китап оқыўына алып кире алады.

Психологлардың айтыўынша, қорқыў, стресс сыяқлы жағдайлардың көбейиўи де мине, усындай сезимлеримизди түсинбегенлигимизден болып есапланады… Балалықтан сезимлерди түсиниўди балаға үйретиў ҳәр бир педагог ямаса ата-ананың қолында. Оған болса ең үлкен жәрдемши китап оқыў, әдебиятқа қызықтырыў. Үлкенлер балалардың өз сезимлерин түсиниўи ушын да кишкенелер менен китап оқыўды әдетке айландырыўы керек.

Динара Мўминова, балалар жазыўшысы

Қарақалпақстан хабар агентлиги