Малайзия телеканаллары Өзбекстан ҳаққындағы 10 бөлимли ҳүжжетли фильмди көрсетпекте

338

Рамазан айы мүнәсибети менен «Syahadah» арнаўлы бағдарламасы шеңберинде Малайзия телеканаллары Өзбекстанға бағышланған 10 бөлимли ҳүжжетли фильмин көрсетип баслады.

Жойбар бай тарийхый-мәдений мийрасымыз, мәмлекетимиздиң ислам цивилизациясын раўажландырыўға қосқан үлеси, сондай-ақ, декоративлик-әмелий көркем өнер ҳәм өнерментшиликке байланыслы теңсиз дәстүрлерди ашып береди. Бул процессте сырт ел туристлериниң ағымын арттырыўға жәрдем беретуғын заманагөй туристлик ҳәм транспорт инфраструктурасына айрықша итибар қаратылған.

Картина 2024-жылы “Radio Televisyen Malaysia” (RTM) мәмлекетлик телерадиокомпаниясы дөретиўшилик топары тәрепинен Ташкент, Самарқанд, Бухара, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятларында сүўретке алынған.

Малайзиядағы елшиханамыздың басламасы менен Туризм комитети жәрдеминде әмелге асырылған бул жойбар Өзбекстанның Ислам цивилизациясы орайы сыпатындағы имиджин беккемлеў, мәмлекетте туристлик ағымын күшейтиўге хызмет етеди.

Азиза Алимова, ӨзА