Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў – стратегиялық жолымыз – Президент жаңа пәрманға қол қойды

Өзбекстан киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы үлесин 2025-жылы 55 процентке, 2030-жылы болса 60 процентке көтериўди гөзлемекте. Бул жақында қол қойылған Президент пәрманында өз көринисин тапқан.
Толық шолыў.
Соңғы бес жылда киши ҳәм орта исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейди. Оларда 10 миллион 500 мың адам – улыўма бәнт халықтың 74 проценти дәрамат таўып, үй- руў зыгершилигин тербетпекте. Экономика көлеминиң ярымынан көбиси, санаат ҳәм экспорттың үштен бири усы тараў ўәкиллериниң үлесине туўра келмекте. Бул санлардың өзи мәмлекетимиз экономикасы ушын киши ҳәм орта бизнес қаншелли әҳмийетли екенлигин айқын көрсетип турмақта. Жақында мәмлекетимиз басшысы киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыўда усы бағдарды қоллап-қуўатлаў буннан былай да мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бири болатуғынын атап өтти.
– Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў – бизиң стратегиялық жолымыз, – деди Шавкат Мирзиёев.
Ушырасыўда исбилерменлер де шығып сөйлеп, жумысын кеңейтиў, жаңа базарларға кирип барыў, стандартларды үйрениў, бренд жаратыў, стартапларды жүзеге шығарыў бойынша усынысларын айтты.
Сөйлесиў жуўмағында Президент: «… бүгин додаланған, сизлердиң барлық усыныс ҳәм басламаларыңыз орын алған пәрманға қол қояман. Бул пәрманның барлық жеңилликлери бүгиннен қосымша ҳүжжетлерди күтпестен тиккелей әмелиятқа киргизиледи», – деп атап өтип, жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берген еди.
Ўәде етилген ҳүжжет: «Киши ҳәм орта бизнестиң экономикадағы орнын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға муўапық, 2025-жылы киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўдың тийкарғы мақсетли көрсеткишлери етип төмендегилер белгиленди, соның ишинде:
– киши ҳәм орта бизнестиң жалпы ишки өнимдеги үлесин 55 процентке, санаатта – 34 процентке, экспортта – 34 процентке ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде 75 – процентке жеткериў;
-кеминде 600 киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң ирилениўине жәрдем бериў арқалы оларды «чемпион» исбилерменлерге айландырыў;
– 100 ден көп жумысшысы бар исбилерменлик субъектлериниң санын 4 мыңға жеткериў.
Айырым исбилерменлерге гиреўсиз кредитлер бериледи
2025-жыл 1-майдан баслап төмендеги механизмлер енгизиледи:
–өзин- өзи бәнт еткен шасхлар жеке тәртиптеги исбилермен (ЖТИ) ямаса юридикалық шахс сыпатында мәмлекетлик дизимнен өткерилгенде мәмлекетлик бажы өндирилмейди;
– өз жумысын тийислисинше ЖТИ, микрофирма ямаса киши кәрхана категориясына шекем ирилендирген өзи-өзин бәнт еткен шахслар ҳәм исбилерменлерге Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 50 миллион сумға шекем, Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасы шеңберинде – 150 миллион сумға шекем гиреўсиз кредитлер бериледи;
– өз жумысын тийислисинше орта ямаса ири бизнес категориясына шекем ирилендирген исбилерменлерге – 1 жыл даўамында ҚҚС суммасының орнын қаплаў (қайтарыў) 7 күн мүддетте тезлестирилген тәртипте әмелге асырылады.
«Чемпион» исбилерменлер дизими болады
Тез ҳәм жоқары пәтлерде өсип атырған исбилерменлерди «чемпион» исбилерменлерге айландырыў бағдарламасы шеңберинде «чемпион» исбилерменлерге айландырылатуғын шөлкемлердиң дизими қәлиплестирилип, оған төмендеги нормаларға жуўап беретуғын исбилерменлер киргизиледи:
-район (қала) дәрежесинде – ҳәр бир район (қала)да кеминде 2 ден жыллық айланысы 10 миллиард сумнан жоқары болған ҳәм 50 ден аслам жумыс орны жаратқан исбилерменлик субъектлери;
– Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында – ҳәр бир аймақта кеминде 5 ден жыллық айланысы 100 миллиард сумнан жоқары болған ҳәм 500 ден аслам жумыс орнын жаратқан исбилерменлик субъектлери;
– республика дәрежесинде – жыллық айланысы 1 триллион сумнан жоқары болған ҳәм 5 мыңнан аслам жумыс орнын жаратқан исбилерменлик субъектлери.
Қарақалпақстан Республикасында жаңа исбилерменлерге гиреў тәмийнатына қарап кредит бериледи
Пәрманға муўапық, Қарақалпақстан Республикасында шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде жаңадан киши ҳәм орта бизнес субъектлерине олардың гиреў тәмийнатынан келип шығып кредит ажыратыўға руқсат бериледи.
Сондай-ақ, киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў комплексли бағдарламасы шеңберинде Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестринде турған жумыссыз пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеген киши ҳәм орта бизнес субъектлерине бул пуқаралар ушын шөлкемлестирилген ҳәр бир жумыс орнына қосымша түрде 10 миллион сумнан, 10 ҳәм оннан көп усындай жумыс орынларын шөлкемлестирген субъектлерге 100 миллион сумға шекемги 3 жылға шекем мүддетте жыллық 14 процент ставкада айланыс қаржыларды толықтырыў ушын кредит ажыратыў әмелияты жолға қойылады.
Аймақларда киши ҳәм орта санаат кәрханаларын раўажландырыў бойынша жойбар офислери шөлкемлестириледи
2025-жыл 1-майдан 20 районда Санаатты жедел раўажландырыў бойынша жойбар офислери шөлкемлестириледи. Онда жойбар офислери Ташкент қаласынан тысқары, барлық аймақларда (1/2 районда) шөлкемлестириледи. Оларға сырт ел инженери, технологи, дизайнери, бухгалтери ҳәм маркетологлары алып келинеди. Бул мақсетлерге усы жылдың өзинде 100 миллиард сум ажыратылады.
Жойбар офислери кәрханаларға өзине түсер баҳасын түсириў, сапа ҳәм технологияны жақсылаўға, оларды ирилендирип, санаат дәрежесине алып шығыўға жәрдем береди.
Өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған жумыслардың дизими тастыйықланды
Пәрман менен 2026-жыл 1-январьдан баслап өзин-өзи бәнт еткен шахслар шуғылланыўы мүмкин болған жумыс (жумыслар, хызметлер) түрлериниң дизими тастыйықланды. Онда жумыстың 72 түри көрсетилген болып, дизим менен ҳүжжеттиң 2-қосымшасында танысыўыңыз мүмкин.
Исбилерменликке енди қәдем таслағанлар ушын «биринши имканият» принципи енгизиледи
Жаңа исбилерменлер «аяққа турып алыўы» ушын, әсиресе, олар жумыс баслаған биринши жылда қоллап-қуўатлаў оғада әҳмийетли. Мәселен, соңғы үш жылда 17,5 мың кәрхана шөлкемлестирилгенине бир жыл толмастан сапластырылған.
Енди пәрман менен киши ҳәм орта бизнес субъектлери ушын әпиўайыласқан ҳәкимшилик тәртип-қағыйдалар енгизилмекте.
Оған муўапық, 2025-жыл 1-июльден 2028-жыл 1-январьға шекем киши ҳәм орта бизнес субъектлерине жаңа миннетлемелер жүклеўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиўге мораторий жәрияланады.
Соның менен бирге, исбилерменлик субъектлерине жаңа тәртипке салыў қуралларын белгилеўди ямаса әмелдегилерин күшейтиўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге «бирден-бир сәнеде бирден-бир қағыйдалар» принципи қолланылады ҳәм бул нормаларадың күшке кириў сәнеси 1-январь ямаса 1-июль етип белгиленеди.
Ең әҳмийетлиси болса, 2025-жыл 1-июльден 2028-жыл 1-январьға шекем «Биринши имканият» принципи енгизиледи ҳәм оның шеңберинде биринши жумыс жылы даўамында саўда ҳәм исбилерменлик тараўларына байланыслы ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықларды биринши мәрте ислеген киши исбилерменлик субъектлери ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етиледи.
Кәрхананы өзиниң қәлеўи менен сапластырыўда жаңа тәртип
2025-жыл 1-сентябрьден баслап төмендеги нормаларға бир ўақыттың өзинде жуўап беретуғын киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң жумысын өзиниң қәлеўи менен сапластырыўда салық тексериўи өткерилмейди:
– соңғы үш жылда товарларды (хызметлерли) реализациялаўдан алынған улыўма дәраматы 10 миллиард сумнан артпаған;
– бюджет ҳәм кредиторлар алдында қарыздарлығы болмаған ҳәм турақлы түрде салық есабатларын берип атырған;
– «Қәўипти анализлеў» электрон системасында ҳуқықбузарлыққа қол урыў қәўипи төмен дәрежеде көрсетилген.
Киши бизнес ушын бес жыллық стратегия
«Оны халықаралық қаржы шөлкемлери де қоллап-қуўатлап, жаңа бизнес бағдарлары бойынша алдынғы тәжирийбе, инновация, технология ҳәм халықаралық стандартларды енгизиўде жәрдем бериўине, оның ушын ҳәзирдиң өзинде 470 миллион доллар ресурс ажыратыўға таяр» деген еди мәмлекетимиз басшысы тараў ўәкиллери менен ушырасыўда.
Пәрманға қосымша етилген стратегияға бола, усы стратегияны әмелге асырыў нәтийжесинде 2030-жылға шекем төмендеги нәтийжелерге ерисиў күтилмекте:
– киши ҳәм орта бизнестиң ЖИӨдеги үлесин – 60 процентке, санаатта – 40 процентке, экспортта – 35 процентке, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде – 78 процентке жеткериў;
– ҳәр 1000 адамға туўра келетуғын жумыс көрсетип атырған киши бизнес субъектлериниң санын 19 ға жеткериў;
– жумысшылардың саны 100 ден жоқары болған кәрханалардың саны 5 мыңға, 10 адамнан жоқары болған киши ҳәм орта бизнес субъектлериниң үлесин 11 процентке жеткериў;
-Жәҳән банкиниң “B-Ready” есабатында ҳәм БМШтың Электрон ҳүкиметти раўажландырыў индекси рейтингинде топ-50 ҳәм Глобал стартап экосистемасы (Global startup ecosystem index) индекси рейтингинде топ-75 мәмлекетлер қатарынан орын алыў.
Белгиленген мақсетли көрсеткишлерге ҳәм стратегиядан күтилип атырған нәтийжелерге толық ерисиледи деп ойлаймыз. Оның ушын зәрүр ресурслар ҳәм имканиятлар жумсалмақта.
Умиджон Қурбонов, ӨзА