Өзбекстан Орайлық Азияда биринши болып Халықаралық вольфрам санааты ассоциациясына ағза болды

Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты (ӨзТМК) вольфрам санаатының ең абырайлы шөлкеми – Халықаралық вольфрам санааты ассоциациясы (ITIA)ның толық ағзасына айланды.
Өзбекстанның ITIAға ағзалыққа қабыл етилиўи елимиздиң вольфрам санаатындағы потенциалы халықаралық көлемде тән алынғанының айқын дәлили болып табылады. ӨзТМК усы шөлкемге қосылыў арқалы жәҳән вольфрам санаатының турақлы қатнасыўшысына айланды. Ағзалық болса ӨзТМКға глобал базар мағлыўматлары ҳәм таллаўларынан пайдаланыў, статистикалық есабатларды алыў ҳәм ири халықаралық илажларға қатнасыў имканиятын береди.
Халықаралық вольфрам санааты ассоциациясы вольфрам қазып алыў, қайта ислеў ҳәм тутыныў базарларын терең таллаў, тараўға санлы ҳәм аналитикалық қатнасларды енгизиў, сондай-ақ, илимий изертлеўлер ҳәм турақлы шешимлерди алға қойыў менен шуғылланады. Бүгинги күнде ITIA Япония, Германия, Австрия сыяқлы технологиялық жетекши мәмлекетлердиң ири компаниялары ҳәм илимий орайларын өз әтирапына бирлестирген.
ӨзА