Европа Аўқамы Россиядан газ импортын көбейтти

Ember аналитикалық орайының хабар бериўинше, өткен жылы Европа Аўқамы мәмлекетлери Россия газ импортын 2023-жылға қарағанда 18 процентке арттырған. Италия, Франция ҳәм Чехия болса Россиядан ең көп жанылғы сатып алған.
Ҳүжжетте айтылыўынша, суйылттырылған газ жеткерип бериў де көбейген.
Орайдың мағлыўматларына бола, өткен жылы Европа Аўқамы Россиядан 21,9 миллиард евроға жанылғы сатып алған. Бул Украинаға Европа Аўқамы тәрепинен берилген финанслық жәрдем муғдарынан бир неше миллиард көп, бул мәмлекетлер Украинаға 18,7 миллиард евро жумсаған.
Экономикалық бақлаўшы Алексей Калмиковтың түсиндиргениндей, 2021-жылы Россия газиниң Европа импортындағы үлеси 45 процентти қурады. 2022-жылдан ол 24 процентке, 2023-жылы болса 15 процентке азаяды. Соның менен бирге, 2025-жылдың басынан берли Украина Россия газиниң Европаға транзитин тоқтатты.
Ҳәзирги ўақытта Европа Аўқамы Россиядан қазып алынатуғын углеводородлар импортын басқышпа-басқыш тоқтатыў стратегиясын ислеп шықпақта. Стратегия келеси ҳәптелерде усыныс етилиўи күтилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги