Қарақалпақстанлы боксши жәҳән кубогинде қатнасады

268

Бүгин  Бразилияың Фос-ду-Игуасу қаласында ерлер арасында жәҳән кубоги жарыслары болып өтеди.

World Boxing шөлкеми тәрепинен турнирде Өзбекстан сайланды командасы да толық қурамда қатнасады.

Қуўанышлы тәрепи сонда, -60 кг салмақта қарақалпақстанлы Мадияр Данияров та жарыста беллесиўлерге кириседи.

-Боксшимиз Мадияр Данияровтың жәҳән кубогинде қатнасып атырғанынан оғада қуўанышлымыз,-дейди белгили бокс тренери Икрам Шамуратов.-Боксшимизге турнирде әўмет яр болыўын тилеп, оннан тек ғана жеңис күтип қаламыз.

Сайланды командамызға Тўлқин Қиличев, Раҳматжон Рўзиоҳунов, Акмал Ҳасанов, Даврон Гафуров, Нодир Ғуломов, Лазизбек Зокиров, Ботиржон Маҳмудов тренерлик етеди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы