Евроаўқам менен экономикалық қарым-қатнасты кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 27-март күни Европа Аўқамының Сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша жоқары ўәкили, Европа комиссиясы вице-президенти Кая Каллас басшылығындағы делегацияны қабыл етти. Әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм болажақ биргеликтеги илажларға таярлық көриў мәселелери көрип шығылды.
Ушырасыў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Европа кеңеси Президенти Антониу Кошта ҳәм Европа комиссиясы Президенти Урсула фон дер Ляйенниң сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.

Усы жыл 3-4-апрель күнлери Самарқанд қаласында «Орайлық Азия – Европа Аўқамы» биринши саммити илажларын өткериў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Ашхабад қаласында өткен министрлер дәрежесиндеги көп тәреплеме ушырасыўдың нәтийжели жуўмақлары жоқары баҳаланды.
Саўда ҳәм логистика, соның ишинде, Транскаспий транспорт коридорының потенциалын әмелге шығарыў, санластырыў, «жасыл» энергетика, экология, инфраструктураны можернизациялаў ҳәм басқа тийкарғы бағдарларда еки регион арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди алға қойыў, баслама ҳәм жойбарларды әмелге асырыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Өзбекстанның ЕА институтлары менен қатнасықларын және де тереңлестириў мәселелери көрип шығылды.
Кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы жаңа келисимди қабыл етиў ҳәм мәмлекетимиздиң жәҳән саўда шөлкемине қосылыўы мәселелери додаланды.
Халықаралық ҳәм регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысылды.

ӨзА