Талаптан келип шығып жаңа оқыў курслары ҳәм бағдарламалары енгизиледи

322

Қарақалпақстан медицина институтында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баспасөз конференциясы шөлкемлестирилип, онда институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы О.Халимов, оқыў ислери бойынша проректоры М.Қурбаназаров, Шыпакерлердиң қәнигелигин арттырыў ҳәм қайта таярлаў бөлиминиң деканы А.Матниязовалар тәрепинен институттың оқыў процесиндеги жаңалықлары, алдағы режелери туўралы мағлыўматлар берилди.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта институтта заманагөй оқыў бағдарламаларына тийкарланып, студентлерге заман талабына сай медициналық билимлерди үйретиў ушын ең соңғы технологиялар ҳәм оқыў методикаларынан пайдаланылмақта. Оқыў процесслерин билимлендириўдиң глобал стандартларына бейимлестириў ушын илажлар жедел әмелге асырылмақта.

Медицина ҳәм фармацевтика тараўы бойынша билимлендириўди ҳәм илимий жумысларды және де раўажландырыў, мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының  академиялық ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў еркинлигин тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған реформалар тийкарында жоқары медициналық оқыў орынларында кадрлар таярлаў процесин жаңа басқышқа алып шығыў, соның ишинде, оқыў бағдарламаларын жетекши сырт ел жоқары оқыў орынлары менен интеграцияластырыў, оқыў бағдарламаларын дүзиўде жумыс бериўши кәрханалардың ўәкиллерин қатнастырыў, студентлердиң оқыўында әмелиятының үлесин көбейтиў бағдарында жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, қәнигелик талаплары тийкарында оқыў бағдарламаларының институт тәрепинен дүзилиўи, студентлер тәрепинен таңланған пәнлердиң киргизилиўи ҳәм оқыў бағдарламалары ҳәр жылы жаңаланып, әмелияттағы жаңалықларды енгизип барыў буған мысал бола алады. Оқыў процесиниң әмелият сабақларында заман талабындағы оқытыў усылларынан пайдаланыў, заманагой муляж, симуляторларда әмелий көнликпелерди өзлестириў әмелге асырылады.

– Мәселен, Япония мәмлекетиниң JICA, Германияның GIZ фондлары, Қубла Корея мәмлекетинен алып келинген лаборатория үскенелери ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 20-апрельдеги ПҚ-2909-санлы қарары тийкарында алып келинген оқыў лабораториялы үскенелер студентлердиң әмелий таярлығын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе,-дейди М.Қурбаназаров.

Институтымызда тәжирийбели ҳәм жоқары маманлыққа ийе профессор-оқытыўшылар жумыс алып барады. Олардың көпшилиги халықаралық дәрежеде тәжирийбеге ийе болып, студентлеримиз бенен өз билимлерин ортақласпақта. Билимлендириў процесинде оқытыўшы педагоглардың усындай билими, тәжирийбеси үлкен әҳмийетке ийе. Буннан тысқары республикалық, сырт еллердеги илимий-әмелий конференцияларда қатнасыў аркалы тәжирийбе алмасыў, сырт елли қәнигелерди лекция сабақлары, шеберлик сабақларын өтиўге тартыў жолға қойылған болып, институтымызда Австрия мәмлекетиниң Вена университети, Санкт-Петербург мәмлекетлик педиатрия медицина университети, Қубла Кореяның Корё университетлеринен қәнигелер лекция сабақларын өтпекте.

Институтымызда 2900 ге шамалас студент оқымақта. Әмелий көнликпелерин арттырыў мақсетинде аймақтағы ири медицина мәкемелеринде олардың әмелият өтеўи тәмийинленбекте. Бул әмелиятлар тек ғана оқыў процесин нәтийжели етиўи емес, ал медицина тараўында болажақ басшылар ҳәм қәнигелерди таярлаўға хызмет етпекте. Студентлердиң теориялык билимлерин беккемлеў мақсетинде оқыў әмелиятынан басқа жазғы өндирислик әмелият та  енгизилген.

Ҳәзирги ўақытта 15 тен аслам мәмлекеттиң жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў бойынша шәртнамаларымыз бар.

Келешекте медицина тараўының талапларына муўапық жаңа оқыў курслары ҳәм бағдарламаларын енгизиўди режелестирип отырмыз. Әсиресе, онлайн билимлендириў ҳәм аралықтан оқытыў системаларын кеңейтиў режелестирилген. Келешекте дүньяның ТОП-300ге кириўши жоқары окыў орынларының оқыў багдарламалары менен муўапықластырыў, жетекши тәжирийбелерди енгизип барыў нәзерде тутылған. Келешекте биз өз институтымызды медицина тараўындағы ең жетекши оқыў орынларынан бирине айландырыўды мақсет еткенбиз.

Баспасөз конференциясында қатнасыўшылар оқыўға кириўде квоталар санын көбейтиў мәселелери, мәмлекетлик грант арқалы және шәртнама тийкарында оқып атырған студентлердиң жаңа система бойынша билимлериниң баҳаланыўында таныс-билислик сыяқлы ушырасыўы мүмкин болған жағдайлар, емлеў мәкемелеринде шыпакер қәнигелердиң жетиспеўшилиги, сырт еллердеги ямаса қоңсы ўәлаятлардағы абитуриентлердиң бул жерге келип оқыўға қызығыўшылығы  ҳәм басқа да мәселелер бойынша өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.


 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги