Барлық фармацевтика ҳәм медициналық хызмет көрсетиўшилер ҚҚС төлеўшисине айланады

244

2025-жыл 1-апрельден баслап фармацевтика өнимлериниң саўдасы менен шуғылланыўшы ямаса медициналық хызмет көрсетиўши юридикалық тәреплердиң барлығы ҚҚС төлеўшиси болады.

Бул процессте салық уйымлары Онлайн-НКТ, ЭЕФ ҳәм басқа да сыртқы ҳәм ишки мағлыўматлар тийкарында ҚҚС есабатларын автомат түрде қәлиплестиреди.

Бул тәртип Салық кодексиниң 2- ҳәм 75-статьяларына тийисли өзгерислер киргизилгеннен соң әмелиятқа енгизиледи.

Әмелдеги нызамшылыққа бола, фармацевтика өнимлерин сатыўшы ямаса медициналық хызметлер көрсетиўши юридикалық тәреплер ушын ҚҚС ҳәм пайда салығы дәрамат 1 миллиард сумнан көп болған жағдайда ғана алынады.

Салық төлеўшилер қатаң белгиленген суммада айланыстан алынатуғын салықты төлеўге ҳақылы екенлигин атап өтиў керек.

Қарақалпақстан хабар агентлиги