Сенатта әҳмийетли ушырасыўлар болып өтти

260

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоева Австрияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Маттиас Радостич, Корея Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вон До Ён ҳәм Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеми (ЕҚБШ)ниң Өзбекстандағы жойбарлар координаторы Антти Карттунен менен ушырасты.

Австрияның Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Маттиас Радостич пенен ушырасыўда саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди және де беккемлеў, соның ишинде, илим ҳәм билимлендириў тараўында тәжирийбе алмасыў, студентлер ушын оқыў бағдарламаларын енгизиў мәселелери додаланды.

Австрия Федераль кеңеси Президенти Андреа Эдер-Гитшталердиң Өзбекстанға болажақ сапары ҳәм оның парламентлераралық қарым-қатнас ҳәм мәмлекетлераралық қатнасықларды раўажландырыўдағы әҳмийети ҳаққында пикир алысылды.

Австрия парламенти ўәкиллериниң Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясында қатнасыўға үлкен қызығыўшылық билдирип атырғаны атап өтилди.

Тәреплер еки тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў ҳәм белгиленген басламаларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

Корея Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Вон До Ён менен ушырасыўда өз-ара бирге ислесиў стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени атап өтилип, келешектеги жойбарлар ҳаққында сөз етилди.

Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, саўда, экономика ҳәм инвестиция жойбарларын және де кеңейтиў, бул бағдарда аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

Парламентлераралық қарым-қатнасты беккемлеў, дослық топарларының жумысын жеделлестириў ҳәм кең көлемдеги биргеликтеги илажларды шөлкемлестириў мәселелери де додаланды.

Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы нәтийжели болыўында Корея парламенти делегациясы да өз үлесин қосатуғынына исеним билдирилди. Еки мәмлекет арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиў байланысларын және де раўажландырыўға келисип алынды.

Н.Абдураимова, ӨзА