Тез жәрдемге жеңил автомобиль берилди

292

Ипотека банк OTP Group тәрепинен Республикалық тез медициналық жәрдем орайына 10 дана BYD Seagull маркалы заманагөй электромобильлер берилди.

Бул электромобильлер Республикалық тез медициналық жәрдем орайының 10 аймақлық филиаллары арасында бөлистирилген еди.

Қарақалпақстан Республикасына жетип келген бир дана BYD Seagull маркалы заманагөй электромобильди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри М.Қурбанов Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы хызметкерлерине тапсырды.

– Бул берилип атырган BYD электромобиль фельдшерлердин басқарыўына бериледи. Денсаўлықтың арнаўлы тәртиби тийкарында тест режиминде носилька (зәмберсиз) жеңил шақырыўларға барыў мақсетинде пайдаланылады. Бул электромобиль экологиялық жақтан да қолайлы болып, ҳаўаның патасланыўына зыян жеткермейди,-дейди Республикалық тез медициналық жәрдем орайы Қарақалпақстан Республикасы филиалы директоры И.Нурымбетов.

Қарақалпақстан хабар агентлиги