Энергия нәтийжелилигин арттырыў илажлары бойынша мәлимлеме берилди

Президент Шавкат Мирзиёев 26-март күни энергия ресурсларын үнемлеў, тутыныў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм олардан ақылға уғрас пайдаланыў илажлары бойынша мәжилис өткерди.
Энергия ресурсларының ең көп жумсалыўы, бәринен бурын, экономика тармақларына туўра келеди. Ески дәўирлерде қурылған заводлар экология ҳәм энергия нәтийжелилик талапларына жуўап бермеген. Жыллар даўамында модернизацияға жеткиликли итибар берилмеген. Айырым орынларда электр ҳәм газ күнлеп болмаған. Санаат кәрханаларында тутыныўлар ҳәм шығынлар көп болған.
Сонлықтан кейинги жылларда экономика тараўлары энергия нәтийжелилик тәрепинен жаңаланбақта. Ири кәрханалар ҳәм энергетика тармақлары кесиминде өз алдына бағдарлама әмелге асырылмақта.

2030-жылға барып, елимиз халқы 41 миллионға жететуғыны, экономика 2 есеге өсиўи күтилмекте. Бул энергия ресурсларына болған талапты ҳәзиргиден 1,5 есеге арттырады. Сонлықтан жаңа жойбарларды иске қосып, қуўатлылықты көбейтиў менен бирге энергияны үнемлеў илажларын көриў зәрүр.
Мәжилисте жуўапкерлер бул бағдардағы жумыслар ҳәм алдағы режелер ҳаққында мәлимлеме берди.
Президентимиздиң көрсетпесине муўапық, өткен жылғы тәжирийбени даўам еттирип, орынларда энергияны үнемлеў имканиятлары илимпазлардың қатнасыўында илимий тийкарда үйренилмекте. Атап айтқанда, Самарқанд, Сырдәрья ҳәм Жиззақтағы үйрениўлерде 870 миллион киловатт саат электр ҳәм 420 миллион куб метр газди үнемлеўдиң жаңа имканиятлары анықланды. Мәселен, бул ўәлаятлардағы киши ҳәм орта санаат кәрханаларында 35 мыңға шамалас гөнерген үскенелерди үнемлисине алмастырып, жылына 385 миллион киловатт саат электр ҳәм 50 миллион куб метр газ үнемлеў мүмкин.

Район ҳәм мәҳәллерде энергияны үнемлеў бойынша имканиятлар оғада көп. Мәселен, 300 мәҳәлледе 100мегаваттлы киши қуяш станцияларын қурып, усы жылдың өзинде 45 миллион куб метр газ үнемлесе болады. Буннан тысқары, канал ҳәм сайларда қурылатуғын мыңнан аслам микро ГЭСлердиң есабынан қосымша 175 миллион киловатт саат электр ислеп шығарылады.
Көшелерди жақтыландырыўға да жылына 200 миллион киловатт электр жумсалып атыр. Қуяш панельли шырақлар орнатылса, тутыныў еки есеге азаяды.
Усындай имканиялардың есабынан, быйыл 1,1 миллиард куб метр тәбийғый газ ҳәм 2,6 миллиард киловатт саат электрди үнемлеў бойынша қосымша реже исленди.

Мәмлекетимиз басшысы, биринши гезекте, ири санаат кәрханаларында заманагөй үнемли үскенелер орнатыў, энергияның ысырап болыўын азайтыў зәрүрлигин атап өтти. Ҳүкиметке бул тараўда жаңаша орынлаў ҳәм қадағалаў системасында ислеў тапсырылды.
Мәкемелер ҳәм турақ жайларда энергияны үнемлеў мәдениятын арттырыў да әҳмийетли. Электр ҳәм газди босқа жағып қоймаў, қуяш панельлери ҳәм басқа да альтернатив дереклерден пайдаланыў да бираз көлемди үнемлейди.
Ферғана ойпатлығы ўәлаятларында халық тығыз жайласқанын есапқа алып, оларды энергия менен тәмийинлеўде өз алдына қатнас ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Бул тәжирийбе басқышпа-басқыш басқа аймақларға да енгизилетуғыны нәзерде тутылмақта.
ӨзА