Европа қоңсышылық кеңеси менен бирге ислесиў жолға қойылды

184

Европа Аўқамы – Орайлық Азия таллаў орайлары форумы шеңберинде Орайлық Азия халықаралық институты (ОАХИ) директоры Жавлон Ваҳобов ҳәм Европа қоңсышылық кеңеси (ENC) директоры Самуэль Довери Вестербай арасында ушырасыў болып өтти.

Илаждан гөзленген тийкарғы мақсет еки изертлеў мәкемесиниң бирге ислесиўин беккемлеў, ЕА ҳәм Орайлық Азия қатнасықларының әҳмийетли тәреплерин додалаў ҳәм эксперт сөйлесиўиниң жаңа түрлерин излеўден ибарат.

Додалаў даўамында мырза Вестербай усы форум пикир алысыў, билим ҳәм алдыңғы аналитикалық изертлеўлерди ортақласыў ушын турақлы платформа сыпатында әҳмийетли екенлигин атап өтти. Таллаў орайлары арасындағы институционаллық байланысты беккемлеў регионаллық процесслер ҳаққында анығырақ түсиникке ийе болыўға жәрдемлесетуғынын, әҳмийетли мәселелер бойынша биргеликтеги усыныслар ислеп шығыў имканиятын беретуғынын атап өтти.

Тәреплер таллаў түриндеги сөйлесиў көлемин кеңейтиў, изленислерди муўапықластырып барыў, шерикликтиң жаңа механизмлерин енгизиў зәрүрлигине айрықша итибар қаратты. Өз-ара изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, форум, семинар, дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестириўге келисилди. Илажлар регионлараралық бирге ислесиў, турақлы раўажланыў, экономикалық интеграция, қәўипсизлик сыяқлы тийкарғы бағдарларға қаратылады.

Ушырасыў соңында ОАХИ ҳәм ENC арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойылды. Бул ҳүжжет узақ мүддетли ҳәм экспертлер арасындағы байланысты беккемлеў ушын беккем тийкар жаратады. Бул меморандум әмелий басламаларды жедел алға қойыў, ЕА-ОА қарым-қатнасын қоллап-қуўатлаўға өз-ара умтылысты сәўлелендиреди.

Ҳәр еки тәреп экспертлер дәрежесиндеги шерикликти даўам еттириў, регионлараралық байланысларды тереңлестириўге хызмет ететуғын биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға таяр екенлигин билдирди. Меморандум шеңберинде режелестирилген илажлар бирге ислесиў шеңберин кеңейтиў, стратегиялық мәселелерди шешиўде экспертлердиң қатнасын кеңейтиўге хызмет етеди.

Ғ.Хонназаров, ӨзА