Өзбекстан-Россия: киши қуўатлықтағы атом электр станциясы жойбарының тийкарғы басқышлары додаланды

Усы жылдың 24-25-март күнлери «Росатом» мәмлекетлик корпорациясы атом энергетикасы бойынша бас директорының биринши орынбасары, «Атомстройэкспорт» АЖ президенти Андрей Петров жумыс сапары менен мәмлекетимизде болды.
«Өзатом» агентлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, бул сапар шеңберинде мәмлекетимизде киши қуўатлықтағы атом электр станциясы (КҚАЭС) қурылысы жойбарының шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, ядро жанылғысын жеткерип бериў ҳәм эксплуатация хызметкерлерин таярлаў менен байланыслы тийкарғы мәселелер додаланды. Усы мүнәсибет пенен оператив штаб мәжилиси өткерилди.

Буннан тысқары, мәжилисте үлкен қуўатлықтағы атом электр станциясын қурыў жойбарының перспективалары да додаланды. Соның ишинде, объекттиң жайласыўы талланып, энергетикалық инфраструктураның турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге қаратылған техникалық ҳәм стратегиялық тәреплери баҳаланды.
Оператив штаб мәжилисиниң тийкарғы мақсети КҚАЭС жойбарының ҳәзирги жағдайын баҳалаў, биринши гезектеги басқышлардың орынланыўын қадағалаў ҳәм Өзбекстан ҳәм Россия арасында атом энергиясынан тыныш мақсетлерде пайдаланыў тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў ушын стратегиялық қарарлар ислеп шығыўдан ибарат.
КҚАЭС жойбары қайсы процессте! Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда КҚАЭС қурылыс жойбарын жойбарлаў басқышында. Жойбарлаў ҳүжжетлерин ислеп шығыў ҳәм республиканың ўәкилликли уйымларында экспертизадан өткериў ушын зәрүр инженерлик изертлеўлери алып барылмақта. Сондай-ақ, тәреплер арасында турақлы жумысшы мәжилислер өткерилип, узақ мүддетли өндирис циклине ийе үскенелер ушын техникалық талаплар, инженерлик изертлеўлер бағдарламалары, жойбарлаў кестелери ҳәм инструкция ҳүжжетлери келисилмекте.
КҚАЭС жайласатуғын майданда тәбийғый орталық компонентлери, атап айтқанда, сейсмикалық мониторинг, аэрометеорологиялық, гидрогеологиялық ҳәм гидрологиялық изертлеўлер бойынша турақлы бақлаўлар алып барылмақта. Алынған мағлыўматлар станцияны жойбарлаўда тәбийғый факторларды есапқа алыў ушын тийкар болып хызмет етеди. Бул болса оның қәўипсизлиги ҳәм исенимлилигин тәмийинлейди.
Жойбар шеңберинде Азия ҳәм Европаның алдыңғы автоматластырылған ҳәм сийрек гезлесетуғын технологияларға жетекши халықаралық ислеп шығарыўшыларын тартыў имканиятлары көрип шығылмақта. Бундай шешимлер КҚАЭС нәтийжелилиги ҳәм инновациялылығын арттырыўға жәрдем береди.
Мәжилисте КҚАЭС ушын ядро жанылғысын жеткерип бериў мәселелери де додаланды. Тәбийғый уран қазып алыў ҳәм сатыў бойынша дүньяда жетекши мәмлекетлерден бири сыпатында Өзбекстан келешектеги станцияны жанылғы менен тәмийинлеўде үлкен имканиятқа ийе. Жергиликли шийки заттан пайдаланыў ядролық жанылғы қәрежетлерин оптималластырыўға хызмет етеди. Бул болса КҚАЭСта ислеп шығарылатуғын электр энергиясының баҳасын төменлетеди ҳәм мәмлекеттиң энергетикалық еркинлигин беккемлейди.
Мәжилис күн тәртибинде эксплуатация хызметкерлерин таярлаў мәселесине де итибар берилди. Ҳәзирги күнде Ташкент қаласындағы «Москва инженерлик-физика институты» Миллий изертлеў ядро университети филиалында шама менен 300 студент оқымақта. Өзбекстан ҳәм Россия бирге ислесиўинде КҚАЭС қәнигелери ушын теориялық таярлық ушын теңсиз билимлендириў инфраструктурасы жаратылған болып, бул кадрлар таярлаў қәрежетлерин оптималластырыўға ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыўға жәрдем береди. Сондай-ақ, «Росатом» мәмлекетлик корпорациясы менен биргеликте өзбек қәнигелериниң Бангладешде қурылып атырған «Руппур» АЭС сыяқлы объектлерде әмелият өтеў механизми ислеп шығылды.
Буннан тысқары, КҚАЭС қурылыс жойбары шеңберинде хызметкерлер ушын станцияның өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда жуўмақлаўшы таярлықтан өтиў имканиятын беретуғын толық көлемли тренажёрлы оқыў-тренировка орайының шөлкемлестирилиўи нәзерде тутылған.
Оператив штаб жумысы даўамында кадрлар таярлаў көлемин белгилеў, тәреплердиң ўазыйпаларын бөлистириў ҳәм шәртнамаларды таярлаў ушын жумыслардың баҳасын келисиў режелестирилген. Бул жойбарды әмелге асырыў Өзбекстанды заманагөй ҳәм экологиялық таза энергия дәреги менен тәмийинлеў, алдыңғы технологияларды енгизиў ҳәм халықаралық стандартларға сәйкес келетуғын жоқары маман қәнигелерди таярлаў ушын үлкен имканият болып есапланады.
Н.Зиёдуллаева,
ӨзА