Жол қойылған кемшиликлер қатаң сынға алынды

315

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде университеттиң барлық проректорлары, факультет деканлары, декан орынбасарлары, ҳаял-қызлар бойынша декан мәсләҳәшилери, тюторлар, профилактика инспекторлары, педагог-тәрбияшылар ҳәм жаслар жетекшилериниң қатнасыўында ушырасыў болып өтти, – деп мағлыўмат береди ҚМУ Баспасөз хызмети.

Ушырасыўда жасларды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, оларды тәрбиялаўда заман талапларына жуўап беретуғын жаңаша көзқарасларды енгизиў бойынша пикирлер алысылды.

Илажда университет ректоры, академик А.Реймов шығып сөйлеп, жаслар тәрбиясы бойынша алып барылған жумыслар, бул бағдарда анықланған қәте-кемшиликлерге итибар қаратты. Жаслар тәрбиясына байланыслы исленген жумыслар, жол қойылған қәте-кемшиликлер атап өтилип, бул ислерге жуўапкерлер қатаң сынға алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги