Қытай менен 10 миллион долларлық бирге ислесиў келисимине ерисилди

Усы күнлерде Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайының директоры Шуҳрат Отажонов басшылығындағы делегация Қытай Халық Республикасында болып тур. Сапар етиў шеңберинде Өзбекстан ҳәм Қытай арасында аўыл хожалығы тараўында әҳмийетли келисимлерге қол қойылмақта.
Атап айтқанда, Миллий орай системасындағы Аўыл хожалығын механизациялаў илимий изертлеў институты, Пахта селекциясы, туқымгершилик ҳәм жетистириў агротехнологиялары илимий-изертлеў институты ҳәм Қытай Аўыл хожалығы механизациясы академиясы арасында улыўма баҳасы 10 миллион АҚШ долларына тең болған келисим дүзилди.

Атап өтилиўинше, бул келисим тийкарында Орайлық Азияда бирден-бир болған аўыл хожалығы техникаларын жыйнайтуғын ири завод шөлкемлестириў режелестирилген. Бул болса фермер ҳәм дийқанларды заманагөй техника менен тәмийинлеў, жергиликли өндиристи жолға қойыў ҳәм импорт техникаларға қарап қалыўды азайтыўға хызмет етеди.
Сапар даўамында делегацияның ағзалары заманагөй шигит егиў ҳәм пахта шийки затын териў техникаларын ислеп шығаратуғын заводтың жумысы менен де танысты.

Бул жойбар Өзбекстан аграр тараўын модернизациялаў ҳәм техникалық имканиятларды кеңейтиўге хызмет етеди.
Сондай-ақ, сапар даўамында делегация бир қатар илимий ҳәм билимлендириў мәкемелеринде ушырасыўлар өткерип, аўыл хожалығы тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша сөйлесиўлер алып барды.

Сондай-ақ, делегация ағзалары генетик инженерлер ҳәм жаңа пахта сортларын жетилистириў бойынша алып барылып атырған изертлеўлер ҳаққында презентацияны тыңлады. Илимий ушырасыў даўамында тәреплер алдағы бирге ислесиў перспективаларын додалап, белгили илимпаз бенен Bt генлерин Өзбекстандағы ғаўаша сортларына өткериў ҳәм бул бағдарда бирге ислесиў бойынша келисип алды.
Бул сапар етиў Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўы ҳәм еки тәреплеме байланысларды беккемлеўге хызмет етиўи күтилмекте.
Гулназа Бобоева,
ӨзА