Өзбекстан ҳәм Қырғызстан арасында билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўында бирге ислесиў кеңейтиледи

304

Пайтахтымызда Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министри Қўнғратбой Шарипов Қырғыз Республикасының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Дуйшонқул Чотонов пенен ушырасыў өткерди.

Бул ушырасыўда еки мәмлекет арасында жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы әҳмийетли мәселелер додаланды. Тәреплер билимлендириў тараўындағы байланысларды жаңа басқышқа алып шығыў зәрүрлигин атап өтти.

Сөйлесиў даўамында бирге ислесиўдиң әҳмийетли бағдарлары бойынша пикир алысылып, өткен дәўир ишинде бир қатар әмелий жумыслар исленгени атап өтилди.

Соның ишинде, Өзбекстан тәрепи қырғызстанлы студентлер ушын 100 мәмлекетлик грант ажыратқан болып, ҳәзирги күнде 360 қырғызстанлы студент Өзбекстан жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алмақта.

«Ташкент ирригация ҳәм аўыл хожалығын механизациялаў инженерлери институты» Миллий изертлеў университети ҳәм Қырғызстан илимий мәкемелери менен биргеликте суў ресурсларын басқарыў бойынша илимий грант жойбары әмелге асырылмақта. Ҳәр еки мәмлекетте жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының форумы өткерилип, өткен жылларда 90 нан аслам бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылған.

Буннан тысқары, тәреплер зыярат туризмин раўажландырыў мақсетинде илимий-изертлеў орайын шөлкемлестириў, сондай-ақ, турақлы энергетика бойынша Ферғана мәмлекетлик техника университети ҳәм Қырғызстан университетлери менен микроГЭС қурыў жойбарын әмелге асырыў имканиятларын көрип шығыўға келисти.

Ушырасыў жуўмағында бул бирге ислесиў еллеримиз арасындағы дослық қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге исеним билдирилди.

ӨзА