Өзбекстан сыртқы ислер министриниң мәсләҳәтшиси Австрия елшиси менен ушырасты

302

Өзбекстан сыртқы ислер министриниң мәсләҳәтшиси Мунира Аминова Австрияның елимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Маттиас Радостич пенен ушырасып, еки тәреплеме бирге ислесиўдиң әҳмийетли тәреплерин додалады. Бул ҳаққында Өзбекстан СИМ баспасөз хызмети хабар бермекте.

Өз-ара сөйлесиў ўақтында тәреплер инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, билимлендириў ҳәм мийнет миграциясы тараўында бирге ислесиў сыяқлы мәселелерге тоқтап өтти. Сондай-ақ,  виза режимин әпиўайыластырыў, техникалық ҳәм грант жәрдемлери көлемин кеңейтиў, биргеликтеги илажлар өткериў перспективалары додалаў орайында болды.

Ушырасыў қатнасыўшылары мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлардың унамлы динамикасын атап өтип, болажақ еки тәреплеме илажлар шеңберинде бирге ислесиўди және де раўажландырыўға таяр екенлигин билдирди.

А.Алимова, ӨзА