Киберкоррупцияға қарсы гүресиў бойынша жол картасы ҳәм жумысшы топар қурамы тастыйықланды

168

Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси мәжилисинде белгиленген тийкарғы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, соның ишинде, киберкоррупция тараўындағы ҳуқықый тийкарларды жетилистириў мәселеси сенатор ҳәм депутатлардың итибар орайында болмақта.

Усы мақсетте Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети ҳәм Нызамшылық палатасының Инновациялық раўажланыў ҳәм мәлимлеме технологиялары мәселелери комитетиниң биргеликтеги мәжилиси шөлкемлестирилди.

Мәжилис шеңберинде киберкоррупцияға қарсы гүресиў бойынша миллий ҳәрекетлер режесин қамтып алған биргеликтеги жол картасы ҳәм жумысшы топар қурамы тастыйықланды.

Бул ҳүжжет киберкоррупцияға қарсы нәтийжели гүресиў, беккем ҳуқықый база жаратыў, коррупцияға қарсы гүресиўге қаратылған жойбарларды әмелиятқа енгизиў, жаслар арасында үгит-нәсият жумысларын алып барыў ҳәм медиа контентлерди таярлаў сыяқлы бағдарларды өз ишине алады.

Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигине жумысшы топардың жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша ўазыйпа жүкленди. Агентлик жанында мәлимлеме-таллаў топары шөлкемлестирилип, ол киберкоррупцияға байланыслы мағлыўматларды жәмлеў, таллаў ҳәм нәтийжелерди Олий Мажлиске берип барыў менен шуғылланады.

Мәжилисте Жаслар ислери агентлигине «Коррупция-келешекке қәўип» идеясы тийкарында жаслар арасында киберкоррупцияға қарсы имунитетти қәлиплестириў ҳәм нәтийжели профилактика системасын ислеп шығыў бойынша усыныслар таярлаў ўазыйпасы тапсырылды.

Министрлик ҳәм уйымларға «Жол картасы» шеңберинде белгиленген илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў бойынша тийисли көрсетпелер берилди.

Мәжлис жуўмағында додаланған мәселелер бойынша комитетлердиң биргеликтеги қарары қабыл етилди.

                                                                                                                              ӨзА