Бийпул мәсләҳәтлер берилмекте

“Юксалиш” ҳәрекети, Өзбекстан Нотариал палатасы биргеликте бес жылдан берли республикалық көлемде “Ҳуқықый мәсләҳәтлер күни” бийпул акциясын өткерип келмекте. Усы акция шеңберинде нотариуслар тәрепинен халыққа бийпул мәсләҳәтлер берилиўи дәстүрге айланған.
Бундай илаж быйыл да 26-27-март күнлери республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы нотариуслерде өткерилиўи белгиленген.
Усы жыл 26-март күни Нөкис қаласы Пушкин көшеси 45-жайдағы нотариуслер имаратында “Юксалиш” ҳәрекети, Өзбекстан Нотариал палатасы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы менен биргеликте гезектеги бийпул ҳуқықый акциясы шөлкемлестирилди.
Акцияны өткериўден мақсет – пуқаралардың ҳуқықый билимин, мәдениятын арттырыў, халық пенен өз-ара байланыс механизмлерин жаратыў, ҳуқықты қолланыў тараўында әмелдеги машқала ҳәм кемшиликлерди анықлаў ҳәм оларды сапластырыўға қаратылған пикир-усынысларды таярлаўдан ибарат.
Акция даўамында нотариуслер тәрепинен пуқараларға нотариал ҳүжжетлерин рәсмийлестириў бойынша бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди.
Атап айтқанда, нотариуслер тәрепинен әмелге асырылатуғын нотариал ҳәрекетлер, Нотариал мәкемелеринде нотариал ис жүргизиў қағыйдалары ҳәм “E-notarius.uz” мәлимлеме порталы ҳаққында кең түрде түсиниклер берилди.
Акция шеңберинде пуқараларға шаңарақ ҳуқықы, мүлк ҳәм мүлклик емес ҳуқық ҳәм миннетлемелер ҳаққында, сондай-ақ, мийрас, неке, саўға, ижара, мүлк алды-сатты шәртнамалары, мийрас ўәсиятнамалары ҳәм басқа да түрли машқалалы мәселелер бойынша түсиниклер берилип, бийпул юридикалық жәрдемлер көрсетилди.
– Мен Қазақстанда жасап атыр едим. Нөкис қаласындағы жайымды сатып атыр едим. Оны сатып алатуғын адам банктен кредит шығарып, пул өткериў жолы менен төлейтуғын болып атыр еди. Сонлықтан, жайды өзимниң сиңлимниң атына өткерип, ол арқалы сатайын деп ойласып атырман. Нотариуске келгенимизде қандай ҳүжжетлер керек екенлиги, алды-сатты шәртнаманы рәсмийлестириў тәртиплери бойынша түсиниклерге ийе болдық. Бизиң келиўимиз бийпул акцияға туўра келгенинен қуўанышлымыз, жумысымыз тез питти, тийисли мәсләҳәтлер алдық,-дейди пуқаралардың бири Г.Шаназарова.
Илаж даўамында пуқаралар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Бул бағдардағы илажлар орынларда даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)