Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң «Көксарай» резиденциясында өткерилген ифтарлық мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзи

211

Бисмиллаҳир раҳмонир раҳим.

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли ўатанласлар, нураный ата-аналар!

Қәдирли мийманлар!

Сиз, әзизлерди, пүткил халқымызды, узақ-жақындағы пүткил мусылман халқын даўам етип атырған мүбәрек Рамазан айы менен және бир мәрте қызғын қутлықлайман. Бәршеңизге тынышлық-қәтержамлық, саў-саламатлық ҳәм парахатшылық яр болыўын тилеймен.

Бул шарапатлы айда гөззал үлкемизде мине, усындай берекетли ифтарлық мәресимин ел-халқымыз бенен биргеликте өткериў несип еткени ушын меҳрийбан ҳәм қүдиретли Алла таалаға шексиз шүкирлер айтамыз.

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги дөгерегимизде қатнасып атырған ҳүрметли мийманларымызға – сырт еллердиң елшилери, халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллерине, диний конфессиялардың басшыларына Ўатанымыз ҳәм халқымызға көрсетип атырған жоқары ҳүрмет ҳәм итибары ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдиремен.

Әзиз дослар!

Сизлерге белгили, соңғы жыллары миллий ҳәм диний қәдириятларымызды қәстерлеп сақлаў, оларды заман талаплары тийкарында раўажландырыў бойынша көп жумысларды әмелге асырмақтамыз.

Бул бағдарда «Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын» деген ийгиликли идея бизиң жумыс бағдарламамызға айланбақта. Усы тийкарда миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәр бир ўатанласымыздың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеў жәмийетлик турмысымызда жетекши орынға шықпақта.

Пуқараларымыздың ҳүждан еркинлиги тараўындағы конституциялық ҳуқықларының толық тәмийинленип атырғаны быйыл Рамазан айында және де анық көринбекте.

Муқаддес динимиз буйырған ийгиликли әмеллер – татыўлық ҳәм тилеклеслик, меҳир-сақаўат, сабыр қанаат, әдеп-икрамлылық, илим ағартыўшылық пазыйлетлери жәмийетимизде күн сайын беккемленип бармақта. Атап айтқанда, ислам дининиң адамгершилик мәнисин терең үйрениў, уллы тарийхымыз ҳәм мәдениятымыз дүрданаларын, уллы илимпазларымыздың бай мийрасын топлаў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар берилмекте.

Мине, усы ийгиликли мақсет жолында Ташкент қаласында қурылып атырған Ислам цивилизациясы орайы Өзбекстанда биринши мәрте әмелге асырылып атырған үлкен илимий-руўхый жойбар сыпатында елимиз ҳәм халықаралық жәмийетшиликте үлкен қызығыўшылық оятпақта.

Бул орай неше мың жыллық раўажланыў жетискенликлерин өзинде жәмлеп, ислам цивилизациясы елимизде илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм ағартыўшылық тийкарында раўажланып атырғанын тастыйықлайды. Бул дәргай биз ушын тек ғана өтмиш естелиги сыпатында емес, ал халқымыз, жасларымызды келешекке шақырыўы, уллы ойлап табыўларға руўхландырыўы менен айрықша итибарлы тәрепи болып есапланады.

Хабарыңыз бар, уллы ўатанласымыз, ҳәдис илиминиң султаны Имам Бухарийдиң Самарқандта қурылып атырған саўлатлы комплексиниң қурылысы да жедел даўам еттирилмекте. Бул жерде уллы ата-бабамыздың өмири ҳәм мийнет жолына бағышланған музей ҳәм илимий дәргайлар менен бирге, 10 мың адамлық мешит те қурылмақта.

Несип етсе, быйыл мине, усы еки саўлатлы естеликти – Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Имам Бухарий комплексиниң ашылыў мәресимин ҳәммемиз биргеликте салтанатлы түрде өткеремиз.

Халқымыздың ислам дини ҳәм философиясына қосқан бийбаҳа үлесин және де терең үйрениў мақсетинде жақында және бир әҳмийетли қарар қабылладық.

Быйыл ойшыл бабамыз, калом илиминиң уллы ғайраткерлеринен бири болған ҳәзирети Имам Матуридий туўылған күниниң  1155 жыллығын кеңнен белгилеймиз. Соның ишинде, ол инсанның Самарқандтағы мүбәрек зыярат орынлары және де абат етиледи.

Ең әҳмийетлиси, бул жумысларымыз Имам Матуридий мийрасы ҳәм матуридийлик тәлийматын елимиз ҳәм сырт ел илимпаз-уламалары менен биргеликте илимий тийкарда үйрениўде жаңа ҳәм үлкен қәдем болады.

Ҳүрметли дослар!

Көп миллетли жәмийетимизде тынышлық ҳәм тилеклесликти беккемлеў, ҳәр қыйлы миллет ҳәм дин ўәкиллери арасында дослық ҳәм аўызбиршиликти күшейтиў ўазыйпасы бәрқулла дыққат орайында болып келмекте.

Усы мақсетте быйылғы жылдың сентябрь айында Ташкент ҳәм Самарқанд қалаларында абырайлы халықаралық әнжуман өткеремиз. «Декларациялар қарым-қатнасы форумы» деп аталған бул ири илаж 2022-жылы Ташкент, Самарқанд ҳәм Бухара қалаларында болып өткен әнжуманның логикалық даўамы болып, ҳәр қыйлы диний исеним ўәкиллери арасында өзине тән ағартыўшылық сөйлесиў майданы болып хызмет етеди.

Усы жерде және атап өтпекшимен: мәмлекетимизде ҳүким сүрип атырған тынышлық ҳәм турақлылық – бизиң ең үлкен байлығымыз болып есапланады.

Әне, усы теңсиз байлықты көз қарашығындай сақлаў, елимиздеги дослық, теңлик, кеңпейиллик орталығын беккемлеўге қаратылған жумысларды буннан былай да исенимли даўам еттиремиз. Оның ушын бар күш ҳәм имканиятларымызды толық жумсаймыз. Бул мәселе ҳәзирги қурамалы дәўирде биз алып барып атырған еркинлик ҳәм ашықлық сиясаты ушын әсиресе, оғада әҳмийетли болып есапланады.

Қәдирли ўатанласлар!

Жаңа Өзбекстан жаңаша тийкарғы принциплерге, соның ишинде, Конституциямызда анық белгилеп қойылған социаллық мәмлекет статусына ийе болып, халықшыл ҳәм адамгершилик сиясат алып бармақта.

Бул бағдарда бир ғана мысал келтириўге руқсат еткейсиз. Өткен жылдың өзинде жәрдемге мүтәж инсанларға 16 триллион сумлық материаллық жәрдем ҳәм напақалар берилди. Кем тәмийинленген шаңарақларға тийисли 51 мың бала бақшаға жайластырылды, олардың 176 мың ағзасына медициналық жәрдем көрсетилди, 182 мыңы болса социаллық хызметлер менен қамтып алынды.

«Сақаўат ҳәм жәрдем» қоры арқалы 94 мыңға шамалас кем тәмийинленген шаңарақларға емлениў, азық-аўқат, кийим-кеншек, коммуналлық төлемлер менен байланыслы 130 миллиард сумлық қәрежетлер қаплап берилди.

«Ҳаял-қызлар дәптери» шеңберинде 3,5 миллион апа-қарындасларымызға 5 триллион 700 миллиард сумлық жәрдем ажыратылды.

«Жаслар дәптери» енгизилгенинен берли 1 миллион 300 мың жәрдемге мүтәж жасларға 1 триллион 700 миллиард сумлық социаллық жәрдем көрсетилди.

Ең тийкарғысы, бул жумысларымыз избе-из даўам еттирилмекте.

Қәдирли мәресим қатнасыўшылары!

Жаңа Өзбекстанның тийкарғы өзгешеликлеринен және бири – бул «жасыл раўажланыў» жолы болып есапланады.

Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде жаңа экологиялық мәкан қурылмақта. «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары мине, усы мақсетке қаратылған.

«Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм «жасыл» экономика жылы» деп жәрияланған усы жылда әмелге асырылып атырған мәмлекетлик бағдарлама да  бул бағдарда әҳмийетли қәдем болмақта.

Жақында Хийўа қаласында биринши мәрте кеңейтилген қурамда өткерилген Конфессиялараралық кеңес мәжилисинде елимиздеги диний конфессиялар ўәкиллери усы мәмлекетлик бағдарламада белсене қатнасыўға қаратылған мүрәжат қабыл етти.

Әлбетте, жәмийетимиздеги ийгиликли ислерде ҳүрметли дин ғайраткерлери, улама ҳәм нураныйларымыз, кең жәмийетшилимигиздиң белсене қатнасып атырғанын миннетдаршылық пенен атап өтемиз.

Быйыл «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде бәҳәр мәўсиминиң өзинде диний тараў хызметкерлери тәрепинен 10 мың түптен аслам терек, 32 мың түпке шамалас гүл егилгени, мешит ҳәм зыярат орынларында 25 гектар жер абат етилгени де бул пикирди тастыйықлайды.

Елимиз ҳажыларының да көплеген ийгиликли ислерде жеке үлги көрсетип, өрнек болып атырғаны әлбетте, ҳәммемизди қуўандырады.

Өткен жылы муфтий ҳәзирети Нуриддин Холиқназар басшылығында ҳажыларымыз «Жаңа Өзбекстан пидайысы болып, руўхыйлық үгит-нәсиятлаўшысына айланамыз» деген басламаны алға қойған еди. Усы күнге шекем олардың басламасы менен кем тәмийинленген, бағыўшысын жойытқан, жәрдемге мүтәж шаңарақларға 6 миллиард 300 миллион сум муғдарында материаллық жәрдемлер көрсетилди.

Бундай саўаплы ислери ушын оларға бәршемиз шын кеўилден рахмет айтамыз.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Ҳәзирги күнде дүньядағы жағдай оғада қыйын ҳәм қурамаласып атырғанын ҳәммемиз көрип-билип турмыз.

Тилекке қарсы, айырым тартыс ҳәм келиспеўшиликлер ислам дүньясында жүз берип атырғаны ҳәммемизди терең тәшўишке салмақта.

Тыныш емес ошақлар қәлеген ўақытта кеңейип, пүткил регионларға жайылып кетиў қәўпи барған сайын артып бармақта.

Мусылман мәмлекетлеринде тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў ушын тилеклеслик ҳәм ислам халқының татыўлығын және де беккемлеў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып қалмақта.

Итибарымыз орайында турыўы керек болған және бир мәселе – бул жасларымыздың қәлби ҳәм санасын зәҳәрлеўге, өмирден адастырыўға қаратылған көплеген қәўип-қәтерлер менен байланыслы.

Перзентлеримизди илим-ағартыўшылыққа үгит-нәсиятлаў, жат идеялар тәсиринен сақлаў бағдарында ҳүрметли имам-хатыбларымыз, көпти көрген ата-аналарымыз, мәҳәлле белсендилери, ҳажыларымыздың орны теңсиз, әлбетте.

Ҳәммемиз сизлердиң бул бағдарда алып барып атырған жумысыңызды жоқары қәдирлеймиз.

Уллы Баҳаўатдин Нақшбанд бабамыздың «Қолың мийнетте, кеўлиң Аллада болсын», деген нәсиятлары ҳәммемиздиң турмыслық исенимимизге айланып кеткен.

Жасларымызды мине, усындай руўхта тәрбиялаўда оларды мийнет ҳәм кәсипке үйретиў оғада үлкен әҳмийетке ийе.

Усы мәниде, ҳүрметли нураныйларымыз, мәҳәлле белсендилери, мийнеткеш фермерлеримиз, исбилерменлеримиз жасларды ҳадал мийнет етип, шаңарағы ҳәм ўатан абаданлығы жолында тынымсыз изленип жасаўға үйрететуғынына исенемен.

Ҳүрметли дослар!

Бул пазыйлетли ай даўамында елимиздеги 9,5 мыңға шамалас мәҳәлледе кем тәмийинленген ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларда ифтарлық дастурханлары жайылып, қайыр-сақаўат ислери әмелге асырылды.

Орынлардағы бул илажларда муфтий ҳәзирети ҳәм имам-хатиплеримиз де үйме-үй жүрип, белсене қатнасты.

«Рамазан- сақаўат, аўызбиршилик ҳәм кеңпейиллик айы» сүрени астында өткерилген бундай ийгиликли мәресимлер инсан қәдирин улығлаў, пәк мақсетли барлық ўатанласларымызды және де бирлестириўге хызмет етеди,деп ойлайман.

Уллы Әлийшер Наўайы бабамыз айтқанындай, «Жақсылардың иси – жақсылық етиў». Шынында да, бул өмир жақсылық себепли бәрқулла жарқын ҳәм даўамлы болып табылады.

Соның ушын жақсы нийетлер әмелге асатуғын мүбәрек Рамазан айында, Лайлатул қадр кешеси алдында турып, елимизде, пүткил дүньяда тынышлық ҳәм абаданлық, меҳир-ақыбет турақлы болыўын сорап тилеймиз.

Илайым, өмиримиз ҳәмийше мине, усындай ашық, пайызлы ҳәм берекетли болсын!

Тилеклес ата-аналарымыз саў-аман болсын!

Меҳрийбан апа-қарындасларымыз, аға-инилеримиз жанымызда бәрқулла таўдай сүйениш болып турсын!

Перзентлеримиз билимли, кәсип-өнерли, күш-ғайратлы жаслар болып, Ўатанымыздың даңқын дүньяға ен жайдырсын!

Елимиз тыныш, мийнеткеш, уллы халқымыз ҳәмийше аман болсын!