Ең уллы байрамымыз-Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң  27 жыллық байрамы жақынласқан сайын кеўлимизди шексиз қуўаныш сезимлери бийлемекте. Халқымыздың уллы пазыйлетлеринен бири-байрамларды мийнетте мол табыслар ҳәм республикамыздың жәмийетлик-сиясий турмысында әҳмийетли орын ийелейтуғын ўақыялар менен күтип алыў әдети ғәрезсизлик байрамы алдында да нәтийжели даўам етпекте.

Ҳәммемиз жақсы билемиз, бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиз жаратып берген имканиятлар нәтийжесинде елимизде кең көлемли дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта.

Бул ийгиликли ислерди әмелге асырыўда пидәкерлик пенен мийнет етип атырған халқымыздың ел-халық ушын ислеген хызметлери өзиниң мүнәсип баҳасын таппақта.

30-август күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллық байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен ҳүрметли атақларға, орден ҳәм медальларға ылайық деп табылған инсанларға, соның менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарарына муўапық мәмлекетлик сыйлықлар және Ҳүрмет жарлықларын алыўға ерискенлерге усы сыйлықларды тапсырыў салтанаты болып өтти.

Салтанатлы мәресимди Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов кирис сөз бенен ашып, қатнасыўшыларды ғәрезсизлигимиздиң 27 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлады.

Онда атап өтилгениндей, жақында ғана пайтахтымызда Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик байрақлары орнатылып, оның 55 метр бәлентликте желбиреп турғаны бәршемизге қуўаныш, шадлық, көтериңкилик бағышлайды. Бул байрақлар гүллән халқымызды жақсылық, данышпанлық, пәклик, садықлық, тынышлық, жаңаланыў сыяқлы ийгиликли ислер әтирапына бирлестиреди.

Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслар шын мәнисинде инсанларды турмыстан разы етиўге хызмет етпекте. Атап айтқанда, быйылғы жылдың өзинде Инвестициялық бағдарлама тийкарында 1 триллион сумнан аслам қаржы есабынан 326 социаллық ҳәм инфраструктура объектлеринде қурылыс ҳәм реконструкциялаў, сондай-ақ, халқымызды таза ишимлик суўы менен тәмийинлеў сыяқлы кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Усы жерде 70 миллиард сумлық қаржы есабынан «Нөкис халықаралық аэропорты» ның ири оңлаўдан шығарылып, халқымыз ийгилигине тапсырылғанын да мақтаныш пенен тилге алсақ болады. Ал, 10 миллиард сумнан аслам қаржы есабынан Жас тамашагөйлер тетарының имараты жаңадан қурылып, халқымыз ҳәм дөретиўши инсанлар ушын барлық қолайлы шараятлардың жаратылғаны, 14 миллиард сумнан аслам қаржы есабынан 250 орынлық Ҳаяллар «Мүриўбет үйи» жаңадан қурылып, пайдаланыўға тапсырылғаны болса халқымызға байрам алдындағы үлкен саўға болды. Усылар қатарында республикамызда социаллық-экономикалық тараўларда әмелге асырылып атырған ийгиликли ислердиң барлығы да халқымыздың мәпи, олардың абадан турмысы ушын бағдарланғаны менен де әҳмийетли болып есапланады.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Ўатанымыздың жоқары сыйлықлары менен сыйлықланғанларды шын жүректен қутлықлап, оларға сыйлықларды салтанатлы түрде тапсырды.

Сыйлықланғанлар атынан Қарақалпақ мәмлекетлик Жас тамашагөйлер тетарының актёры Л.Халықназарова, Қарақалпақстан Республикасы эндокринология диспансериниң бас шыпакери С.Назарова, Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты қарақалпақ әдебияты кафедрасының баслығы К.Алламбергенов ҳәм «PANA MILK» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы И.Панаевлар шығып сөйлеп, мийнетлерин мүнәсип баҳалағаны ушын елимиз Президентине, республика басшыларына өз миннетдаршылықларын билдирди.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги