Хожалық жәмийетлери басқарыў уйымларының мәжилисинде аралықтан қатнасыў тәртиби жаңаланады

Хожалық жәмийетлери басқарыў уйымларының мәжилисинде аралықтан қатнасыў тәртиби белгиленди. Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2025-жыл 24-март күни дизимнен өткерилген жаңа режеге бола, хожалық жәмийетлери басқарыў уйымларының мәжилислеринде мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда аралықтан турып қатнасыў ҳәм даўыс бериў тәртиби белгиленди.
Бул реже акционерлик жәмийетлери ҳәм жуўапкершилиги шекленген жәмийетлер ушын мөлшерленген болып, санлы имканиятлар арқалы қатнасты және де әпиўайыластырыўға қаратылған.
Режеде жәмийетлер тәрепинен мәжилис ҳаққындағы хабарда аралықтан қатнасыў ҳәм даўыс бериў тәртиби ҳаққында анық мағлыўматлар келтирилиўи шәрт екенлиги белгиленген. Соның ишинде, мәжилисте пайдаланылатуғын онлайн платформаның аты, оған кириў силтемеси, идентификациядан өтиў ушын талап етилетуғын мағлыўматлар ҳәм техникалық жәрдем көрсетиўши шахстың толық аты ҳәм телефон номерлери көрсетиледи.
Жаңа тәртипке бола, қатнасыўшылар видеоконференцбайланыс платформалары арқалы тиккелей мәжилис процесинде қатнасыўы мүмкин болады. Бул болса оларға физикалық түрде қатнаспай турып, додалаўларда қатнасыў ҳәм даўыс бериў имканиятын береди.
Бул Реже мәмлекетлик уйымлар, исбилерменлик субъектлери ҳәм жәмийет ағзалары арасындағы мәлимлеме алмасыўын заманагөйлестириў, нәтийжелиликти арттырыў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеўге хызмет етеди. Сондай-ақ, мәжилислерде қатнасыў ушын ўақыт ҳәм ресурсларды үнемлеў имканиятын жаратады.
Атап өтилиўинше, бул буйрық рәсмий жәрияланған күннен баслап үш ай өткеннен соң, яғный 2025-жылдың июнь айынан баслап әмелиятқа енгизиледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги