Орайлық банк 5 банкти жәриймаға тартты

Орайлық банктиң Банк қадағалаўы комитети тәрепинен 2025-жылдың февраль айындағы мәжилислеринде 43 мәселе көрип шығылды ҳәм тийисли қарарлар қабыл етилди.
Дизимге алыў ҳәм руқсат бериў бағдарында 31 мәселе, соның ишинде, кредит шөлкемлери уставына киргизилген өзгерислерди дизимнен өткериў (8), жаңадан ашылып атырған микроқаржы шөлкемлерин есап дизиминен өткериў (3) кредит шөлкемлериниң устав фондындағы үлесине ийелик етиў ушын руқсат бериў (5), ўәкилхана ашыўға руқсат бериў (1), коммерциялық банклердиң бақлаў кеңеси ҳәм басқарыўы ағзалары ҳәм айрықша әҳмийетке ийе хызметкерлериниң кандидатураларын көрип шығыў (13) менен байланыслы мәселелер көрип шығылған.
Буннан тысқары, кредит шөлкемлериниң қаржы жағдайына байланыслы 12 мәселе – Орайлық банктиң көрсетпелери ҳәм пруденциал нормалары талапларының орынланыўы, коммерциялық банклерде өткерилген үйрениў нәтийжелери де додаланды.
Орайлық банк тәрепинен өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде, анықланған кемшиликлер, соның ишинде, Орайлық банк көрсетпелери ҳәм нызамшылық талапларына әмел етпегени ушын 3 банк илаж ҳәм санкциялар қолланыўы ҳаққында ескертилди. Сондай-ақ, әмелдеги нызамшылық, Орайлық банк тәрепинен өткерилген үйрениў ҳәм инспекция тексериўлери даўамында анықланған қағыйдабузыўшылықлар ушын 5 банкке жәрийма санкциясы қолланды.
Ш.Маматуропова, ӨзА