«112» бирден-бир диспетчерлик хызмети Өзбекстанда толық иске қосылды

395

Өзбекстанда халыққа қыстаўлы жәрдем көрсетиўди және де нәтийжели шөлкемлестириўге қаратылған «112» диспетчерлик хызмети республиканың барлық аймақларында иске қосылды. Бул ҳаққында Санлы технологиялар министрлиги мәлим етти.

2023-жыл июльде Ферғана қаласында өткерилген мәжилисте Шавкат Мирзиёев Ишки ислер ҳәм Санлы технологиялар министрликлери алдына бирден-бир «112» оператив номери ҳәм диспетчерлик системасын иске қосыў ўазыйпасын қойған еди. Нәтийжеде, Министрлер Кабинетиниң қарары менен усы хызмет басқышпа-басқыш енгизилди.

Ҳүкимет қарарына муўапық хызмет 2024-жыл 1-июньнан Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында, 2024-жылдың биринши ярым жыллығында Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында, 2024-жылдың ақырына шекем Қарақалпақстан Республикасы ҳәм қалған ўәлаятларда жумыс баслаўы режелестирилген еди.

«112» бирден-бир диспетчерлик хызмети ишки ислер, айрықша жағдайлар, қыстаўлы медициналық жәрдем, социаллық қорғаў ҳәм «Ҳудугазтаъминот» сыяқлы хызметлерди бирлестирип, халықтың мүрәжатлерин қабыллаў ҳәм қайта ислеўде бирден-бир платформа ўазыйпасын атқарады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги