Бир жыл даўамында қағыйда бузбаған айдаўшы хошаметленеди – жойбар

Өзбекстанда жол ҳәрекети қағыйдабузыўшылықларын жәрийма баллары тийкарында баҳалаў тәртиби енгизилмекте.
Бул бойынша жәрияланған Ҳүкимет қарарының жойбарына бола, он еки ай даўамында жол ҳәрекети қағыйдаларын бузбаған транспорт қуралларының айдаўшыларына хошаметлеў түринде, кейинги дәўирде жол ҳәрекети қағыйдаларын биринши мәрте бузғанлығы ушын биринши жәрийма балы есапланбайды.
Сондай-ақ, айдаўшылардың ақырғы ҳуқықбузыўшылығы ушын жәрийма балы есапланған ўақыттан баслап, олар алты ай даўамында жол ҳәрекети қағыйдабузыўшылықларына байланыслы басқа ҳуқықбузыўшылық ислемеген жағдайда, оның улыўмалық жәрийма балларынан еки жәрийма балы айырып тасланады. Егер айдаўшылар жәрийма балларының улыўма муғдары еки жәрийма балынан аз болған жағдайда, барлық жәрийма баллары айырып тасланады ҳәм жәрийма балларын есаплаў мүддети биринши ҳуқықбузыўшылық исленген ўақыттан жаңадан басланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги