Әзербайжан – Өзбекстан бирге ислесиўи: стратегиялық раўажланыў жолы

305

– 2020-2025-жылларда Әзербайжан ҳәм Өзбекстан қатнасықлары унамлы стратегиялық раўажланыў процесин бастан өткермекте. 2017-жылдан берли мәмлекетимиздиң экономикасын ашық, базар механизмине бағдарлаў бағдарындағы реформалардың нәтийжесинде, еки мәмлекет арасындағы экономикалық  қатнасықлар сезилерли дәрежеде беккемленди.

– Қатнасықлардың раўажланыўы өз-ара товар алмасыў көлеминиң өсиўи, энергетика, инфраструктура, аўыл хожалығы ҳәм тоқымашылық санааты сыяқлы тараўлардағы бирге ислесиўдиң кеңейиўинде көзге тасланды, – дейди бул ҳаққында Өзбекстандағы Әзербайжан миллий мәдений орайының баслығы Мобил Мамедов. – 2021-жыл июнь айында мәмлекетлеримиз арасында  сиясий алмасыўды күшейтиў ҳәм регионаллық қәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған стратегиялық шериклик ҳаққында келисимге қол қойылған. Усы ҳүжжетте транспорт-инфраструктура жойбарларына айрықша итибар қаратылған. Мәселен,  Транскаспий халықаралық транспорт бағдары жойбары  усылардың қатарына кирип, ол Әзербайжан портлары ҳәм темир жол тармағынан пайдаланыўды  жеделлестириў имканиятын берди.

Мәдений-гуманитарлық қатнасықлар да раўажланбақта. Студентлердиң  алмасыўы жолға қойылған, билимлендириў бағдарламалары әмелге асырылмақта. Бул халықларымыздың және де бирлесиўине  үлес қосады.

Фузулий қаласында мектептиң қурылысы еки ел әзелий  дослығының өзине сай символы болып есапланады. Өзбекстанның бул басламасы әскерий келиспеўшиликтен кейин регионды қайта тиклеўди қоллап-қуўатлаў, жергиликли халықтың билимлендириў имканиятын жақсылаўға қаратылған Бирге ислесиўимиз келешекте және де беккемленетуғыны гүмансыз.

Бир сөз бенен айтқанда Әзербайжан ҳәм Өзбекстан арасындағы барлық тараўларды қамтып алған стратегиялық ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў барған сайын тереңлесип, еки тәреплеме қатнасықты және де раўажландырыў ушын беккем тийкар болмақта.

Азиза Алимова, ӨзА