Өзбекстан ҳәм Науру арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылды

336

Тыныш океанында жайласқан кишкене мәмлекет – Науру Республикасы Өзбекстан менен рәсмий түрде мәмлекетлер аралық байланысты жолға қойған 159-мәмлекетке айланды.

Биргеликтеги ҳүжжетке Нью-Йорк қаласында салтанатлы түрде елимиздиң БМШ жанындағы турақлы ўәкили Улығбек Лапасов ҳәм оның кәсиплеси Лара Эраб Даниэль қол қойды.

Тәреплер халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, БМШтың қәнигелескен мәкемелери шеңбериндеги шерикликти беккемлеўге таяр екенлигин билдирди. Сондай-ақ,  сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық байланыслар менен байланыслы өз-ара пайдалы бағдарларды белгилеп алыў ушын улыўмалық ҳәрекетти жеделлестириўге келисип алынды.

Бул ўақыя Өзбекстанның сыртқы сиясий байланысларын тереңлестириў ҳәм елимиздиң халықаралық масштабтағы қатнасыўын кеңейтиў жолында әҳмийетли қәдем болып табылады.

Еслетип өтемиз, 21-февраль күни Қубла Америкадағы Суринам Республикасы менен де дипломатиялық қатнасық жолға қойылған еди.

Азиза Алимова таярлады.

ӨзА