Жаңа ашылған терминал жылына 120 мың тонна жүк тасыў қуўатлылығына ийе

294

Мәмлекетимизде аэропортлар инфраструктурасын раўажландырыў, жолаўшы ҳәм жүк тасыў көлемин ҳәр жылы  арттырып барыў,  аймақлардағы аэропортларда кетринг ҳәм басқа хызметлерди жолға қойыў бағдарында бир қатар реформалар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, «Uzbekistan airports» акционерлик жәмийетиниң нәтийжелилигин кеңейтиў  бойынша да бир қатар илажлар ислеп шығылған.

Ташкент аэропортында жаңа жүк тасыў терминалы пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен  баспасөз әнжуманы болып өтти.

Атап өтилиўинше,  жылына 120 мың тонна жүк тасыў қуўатлылығына ийе жаңа жүк комплекси 5,2 гектар майданда жайласқан болып,  үш қабатлы ҳәкимшилик имарат, түрли товарларды сақлаўға  мөлшерленген қоймахана, сондай-ақ, жеңил ҳәм жүк машиналары ушын тоқтаў орнын өз ишине алады.

Қоймахана 8 мың 500кв/м майданды ийелейди ҳәм оның ишинде белгили бир  температура режимин сақлаў талап ететуғын товарлар ушын 500 кв/м майдандағы  суўытыў ҳәм музлатыў камералары бар. Атап айтқанда, қоймаханада өсимлик ҳәм тири ҳайўанлар, баҳалы жүклер, азық-аўқат өнимлери, дәри-дәрмақларды сақлаў ушын арнаўлы ханалар қурылған. Барлық арнаўлы ханалар температура өлшегишлери менен үскенеленген.

1994-2000-жылларда қурылған ески жүк терминалы улыўма майданы 3 гектарға шекем келетуғын  20ға шамалас ескирген киши ҳәм орта қоймахана ҳәм ҳәкимшилик имаратлардан қуралған еди. Жүк терминалының өткериў қуўатлылығы негизинде 30 мың тоннаны қурайды. Өткен 2024-жылы Ташкент аэропорты 80 мың тоннаға шамалас жүк ҳәм почта жөнелтпелерин қабыл еткен. Ҳәкимшилик ҳәм ижарашылар жайласқан имарат ҳәм объектлер де ескирген. Булардың барлығы жүк тасыў комплексин кеңейтиў ҳәм модернизациялаў зәрүрлигин талап еткен. Ески терминалдан жаңа терминалға басқышпа-басқыш өтиледи.

Сондай-ақ, қоймахана жумысы ушын дүньяның жетекши ислеп шығарыўшыларынан заманагөй үскенелер, атап айтқанда, жүк сақлаў стелажлары, жүк көтериў ҳәм тасыў, қадақлаў үскенелери ҳәм есап-санақ, автоматластырыў ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў үскенелери  сатып алынды. Бул жүклерди қайта ислеў ўақтын қысқартады ҳәм авиатасыўшыларға улыўма тән алынған халықаралық стандартларға муўапық сапалы хызмет көрсетиўди тәмийинлейди.

Буннан тысқары,  UzCargo хызметкерлери, тийисли хызметлер (бажыхана, ветеринария ҳәм өсимликлер карантини ҳәм басқалар), импорт ҳәм экспорт компанияларының ўәкиллери, авиакомпаниялар ҳәм декларантлар, сондай-ақ, жүк қабыл етиўшилер ушын 3000 кв/м  майданға ийе үш қабатлы жаңа ҳәкимшилик имарат қурылып, пайдаланыўға тапсырылды.

Муҳайё ТОШҚОРОЕВА, ӨзА