Сенатта Вьетнам елшиси менен еки тәреплеме бирге ислесиў мәселелери додаланды

284

2025-жыл 24-март күни Олий Мажлис Сенатында Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети баслығының орынбасары О.Маткаримов Вьетнам Социалистлик Республикасының Өзбекстандағы  Айрықша ҳәм Толық-ҳуқықлы елшиси Дань Мин Кхой менен ушырасты.

Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Вьетнам арасындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары, соның ишинде, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық ҳәм туризм тараўларындағы қатнасықлар додаланды.

Атап өтилгениндей, 2024-жылы еки мәмлекет арасындағы товар алмасыў көлеми 189,3 млн АҚШ долларын қураған, соннан экспорт 17,7 млн доллар, импорт болса 175,6 млн долларды қурады.

Сондай-ақ,  ушырасыўда туризм тараўындағы үлкен потенциалға итибар қаратылды. Мәмлекетлердиң  пуқаралары  арасында өз-ара туристлик сапарларды кеңейтиў мәселеси додаланды.

Сөйлесиў даўамында быйылғы жылы 5-9-апрель күнлери Ташкент қаласында Парламентлераралық аўқамның 150-юбилей ассамблеясы өткерилиўи ҳаққында мағлыўмат  берилди. Атап өтилгениндей, бул абырайлы илаж тарийхта  биринши мәрте Өзбекстанда өткерилмекте ҳәм онда Парламентлераралық аўқамның 190ға шамалас ағза  мәмлекетлеринен 2000 ға шамалас парламент ағзалары қатнасады.

Елши Вьетнам Миллий Мәжилиси Баслығы Чан Тхань Ман басшылығындағы 120 ға  шамалас делегация ағзалары да усы Ассамблеяда қатнасатуғынын мәлим етти.

Ушырасыў жуўмағында Парламентлераралық аўқам әнжуманына таярлық жумыслары, шөлкемлестириў мәселелери ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў бойынша пикир алысылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги