Материаллық ҳәм руўхый зыянды өндириў

430

Адамның ҳуқық ҳәм еркинликлери, оның нызамлы мәплерин тәмийинлеўде барлық ҳуқық тараўлары қатары пуқаралық ҳуқықының да әӽмийетли орны бар.

Атап айтқанда, нызамымыз ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) себепли пуқараға жеткерилген руўхый зыянның орнына пул формасында қаплаў институты ҳуқықларын қорғаўдың ең әӽмийетли пуқаралық-ҳуқықый қуралы болып есапланады.
Руўхый зыянды қаплаўға тийисли нормалар пуқаралық нызамшылығына елимиз ғәрезсизлиги қолға киргизилгенинен соң киргизилген болып, оған шекем нызам руўӽый зыянды өндириўди нәзерде тутпаған. Буны болса әпиўайы бир жағдай менен, яғный пуқараның шахсы сол дәрежеде «жоқары» есапланады, өйткени бул шахсқа жеткизилген руўӽый зыянды пул менен баӽалаў улыўма мүмкин емеслиги менен тийкарлаўға ҳәрекет етип келинген.
Бүгинги күнде идеология, сияат, ӽуқық сыяқлыларға болған көз қараслар бәлки үстин қурылма («надстройка») сыпатында олардың түп мазмуны пүткиллей өзгерип барыўы нәтийжесинде бул тараўда материаллық ҳәм процессуал ҳуқық нормаларын және де жетилистириў мәқсетинде раўажланған еллердиң нызамшылығы үйренилип, улыўма тән алынған халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм принциплер миллий нызамшылығымызға сиңдирилип, әмелдеги нызам ҳүжжетлеринде жеткизилген руўӽый ҳәм физикалық азаплары ушын пуқаралық-ҳуқықый жуўапкершилик белгиленди.
Бирақ, айырым пуқаралардың ҳуқықый билим потенциалы жетерли болмағанлығы себепли, олар усы мүмкиншиликлерден пайдалана алмай атыр, бул болса, өз-өзинен мәлим болғанындай, материаллық ҳәм руўхый зыян менен байланыслы болған пуқаралық-ҳуқықый қатнасықларды пайда етеди.
Өзбекстан Республикасы Пуқаралық Кодексиниң 985-статьясына бола, «нызамсыз ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) себепли пуқараның шахсына яки мүлкине жеткерилген зыян, сондай-ақ юридикалық шахсқа жеткизилген зыян, атап айтқанда қолдан жиберилген пайда зыянды жеткерилген шахс тәрепинен толық көлемде қапланыўы лазым» деп көрсетилген.
Әсиресе, руўхый зыян муғдарын анықлаў суд әмелиятында ушырасып туратуғын тартыслы мәселелерден бири болып есапланады, өйткени оны анықлаўда бар нормаларды қолланыў әмелияты ҳәр қыйлы. Бул процесске тәсир ететуғын факторлар ӽаққында айтқанда, бир тәрептен, бундағы нызам ҳүжжетлери жетилистирилмеген, екинши тәрептен тийисли Жоқары суд Пленумы қарары төменги судларға толық түсиник бермеген.
Сол себептен де руўӽый зыянды өндириў менен байланыслы жеке практика қәлиплестирилмеген.
Ҳәр пуқараның руўхый ҳәм физикалық азапқа шыдамлылық дәрежеси де ҳәр қыйлы болыўы мүмкинлигине итибар берилиўи керек болады.
Пуқаралық кодексиниң 100-статьясына муўапық, өзиниң атағы, қәдир-қымбаты яки искерлик абырайына зыян жеткериўши мағлыўматлар тарқатылған пуқара бундай мағлыўматлар бийкар етилиўи менен бир қатарда оларды тарқатыў ақыбетинде жеткерилген зыянлар ҳәм руўхый зыянның орнын қаплаўды талап етиўге ҳақылы. Усы статьядағы пуқараның абырайын қорғаў ҳаққындағы қағыйдасы юридикалық шахстың искерлик абырайын қорғаўға да тийисли түрде енгизилиўи белгиленген.
Өз гезегинде, Пуқаралық кодексиниң 1022-статьясында руўхый зыянды қаплаў усылы ҳәм муғдары нәзерде тутылған болып, руўхый зыянды қаплаў муғдары жәбирлениўшиге жеткерилген физикалық ӽәм руўхый азаплардың характеристикасына, сондай-ақ, айыбы компенсация төлеўге тийкар болған жағдайларда зыян жеткериўшиниң айыбының дәрежесине қарап суд тәрепинен анықланыӯы нәзерде тутылған.

Жуўмақлап айтқанда, судлар тәрепинен руўхый зыянларды өндириўге тийисли ислерди көриўде жеке практикаға сүйене алмай атыр. Буған жоқарыдағы факторлар өзиниң кери тәсирин тийгизип атыр. Пикиримизше, буларды сапластырыў мақсетинде нызамшылықтағы ҳуқықый бослықларды сапластырыў, атап айтқанда “руўхый зыян” түсинигиниң анық сыпатламасын ислеп шығыў, сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, юридикалық шахслар тәрпинен руўхый зыянды қаплаў менен байланыслы қағыйдаларды нызам ҳүжжетлеринен шығарып таслаў, руўхый зыянды қаплаў усыллары бойынша нызам ҳүжжетлериндеги қарама-қарсылықларды жоқ етиў, руўхый зыян (пул муғдары ямаса басқа мүлик) ҳәм материаллық емес (масса алдында жеке кеширим сораў) усыллар менен де қапланыўын нәзерде тутыў, руўхый зыян суд тәртибинен тысқары, өз-ара келисим тийкарында да қапланыӯ механизмин ислеп шығыў, жынаят процессуал кодексин пуқаралық даўагер сыпатында жынаят ақыбетинде руўхый зыян көрген физикалық шахсларды да тән алыўға қаратылған өзгерислерди киргизиў, судлар ушын усыныс характерине ийе болған руўхый зыянды қаплаўда муғдарын анықлаӯ бойынша методологияны ислеп шығыў керек.

Н.Таиров, Пуқаралық ислери бойынша
Беруний районлараралық судының судьясы
Қарақалпақстан хабар агентлиги