“Клавиатура қолтаңбасы”на қарап шахсты анықлаў мүмкин болды

Пайдаланыўшының шахсын оның клавиатурада текстти қалай териўине қарап анықлайтуғын система ислеп шығылды, деп хабар берди Naked Science.
Бул технология текст териў тезлиги, клавишти басыў динамикасы, қәтелер тәкирарланыўы ҳәм басқа тәреплерди бақлап барады. Бул маглыўматлар шаблонлар базасы менен салыстырылады. Егер көрсеткишлер сәйкес келсе, система шахсты тастыйықлайды. Жазыў әдети (“клавиатура қолтаңбасы”) өзгерсе, шаблон автомат түрде жаңаланады.
Қолланба авторлары – МИРЕА-Россия технология университетиниң “Мәлимлемени қорғаў” кафедрасы студентлери Виктория Еврюкова ҳәм Матвей Столников. Олардың айтыўынша, шахсты анықлаў ушын “клавиатура қолтаңбасы” үшинши фактор сыпатында енгизилсе, қосымша үскенелер талап етпеген ҳалда мәлимлеме қәўипсизлигин арттырыў мүмкин.
Жаңа системадан киши фирмалардан баслап ири корпорацияларға шекем пайдаланыўы мүмкин екенлиги айтылмақта.
Қолланба авторлары енди инсанның физикалық жағдайы оның клавиатурада жазыў усылына қандай тәсир көрсетиўин үйренгиси келеди. Бул система анықлығын жақсылаў имканиятын береди,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги