Акрам Имамуғлы Стамбул мэри лаўазымынан шетлетилди

Коорупция ҳәм террорды қоллап-қуўатлаў иси бойынша қамаққа алынған Стамбул муниципалитети баслығы Акрам Имамуғлы ҳәм қала мэриясының бир неше ҳәмелдары тергеў даўамында ўазыйпасынан босатылды. Бул ҳаққында Түркия Ишки ислер министрлиги мәлим етти, деп жазған «Тренд».
Еслетип өтемиз, 19-март күни қала Бас прокуратурасы жети гүманланыўшы, соның ишинде, Мэр, муниципалитет Бас хаткериниң орынбасары Маҳир Полат ҳәм Шишли регионы басшысы Расул Эмраҳ Шаҳанды «террор шөлкеми – Қурдистан ишки партиясы (КИП)на жәрдем бериў»де айыплап, қамаққа алыў ҳаққында қарар шығарған.
Бас прокуратураның билдириўинде 2024-жыл 31-март күни болып өткен муниципалитет сайлаўы шеңберинде КИПтиң Стамбул сыяқлы ири қалаларда тәсирин күшейтиў мақсетинде «Қала келисими» жойбары алға қойылғаны атап өтилген.
Шөлкем жетекшилери Жамил Байиқ ҳәм Мустафа Карасу сайлаў алдынан тийисли ҒХҚ арқалы пикир ҳәм көрсетпелерди жәриялаған.
Стамбулдағы сайлаўда ҳәким Акрам Имамуғлы «қала консенсусы» принципи тийкарында КПИға саяман шөлкем – Халықлар демократиялық конгресси (ХДК) менен аўқам дүзгени ҳаққында дәлиллер бар, делинбекте. Усы мүнәсибет пенен Стамбул ҳәм басқа да қалаларда ХДК ағзаларына қарсы бир ўақыттың өзинде әмелият өткерилип, қолға алынғанлар менен байланыслы тергеў даўам еттирилмекте.
Мағлыўматларға қарағанда, тергеў даўамында Республика Халық партиясы (РХП) дизими бойынша сайланған қалалық кеңес ағзалары ҳәм сайланған ҳәкимлердиң бир бөлеги террор шөлкемине байланыслылығы анықланғаны атап өтилген.
ӨзА