Абдуқодир Ҳусанов мәмлекетимиз басшысына қол таңбасы түсирилген формасын саўға етти

279

Өзбекстан миллий сайланды командасы ҳәм Англияның «Манчестер Сити» клубы қорғаўшысы Абдуқодир Ҳусанов 21-март күни «Жаңа Өзбекстан» бағында болып өткен Наўрыз байрамы салтанатында қатнасты.

Илаж соңында Абдуқодир Ҳусанов Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа өзиниң қол таңбасы түсирилген «Манчестер Сити» формасын саўға етти.

Абдуқодир Ҳусанов усы күнге шекем «Манчестер Сити» қатарында Англия Премер-лигасы, Англия кубоги ҳәм Европа Чемпионлар лигасында жәми 8 ойында қатнасып, бир гол урыўға еристи.

Сондай-ақ, 20-март күни Қырғызстан сайланды командасына қарсы беллесиўде миллий сайланды командамыздың қатарында табыслы ойын өткерди. 25-март күни болса сапарда Иранға қарсы ойында қатнасыўы күтилмекте.

Мағлыўмат орнында, жақында «Transfermarkt» порталы АПЛ футболшыларының жаңаланған трансфер баҳаларын жәриялаған еди. Оған бола, Абдуқодир Ҳусановтың трансфер баҳасы 35 миллион евроға жетип, бирден 23 миллион евроға көтерилди. Нәтийжеде ол Англия Премьер-лигасында баҳасы ең көп көтерилген футболшылар арасында төртинши орынды ийеледи.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА