Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қараөзек районлық Кеӊеси баслығы, 7-«Шайханакөпир» сайлаў округинен районлық Кеӊес депутаты Р.Қармысованыӊ басламасы менен аймақ пуқараларына «Саламат әўлад ушын» халықаралық қайырқомлық фонды Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен медициналық тексериў шөлкемлестирилди.

Атап айтқанда, қайырқомлық фондыныӊ медициналық-социаллық жәрдем бригадасы тәрепинен аймақтағы бағыўшысын жоғалтқан кекселер, нураный ата ҳәм апалар, туўыў жасындағы ҳаял-қызлар, социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға Бердақ аўыл пукаралар жыйынындағы аўыллық шыпакерлик пунктинде бийпул медициналық хызметлер ҳәм мүриўбет жәрдемлерин көрсетти.

Сондай-ақ, бир күн даўамында районлық медицина бирлеспеси шыпакерлериниң қатнасыўында өткерилген тереӊлестирилген медициналық тексериўдиң жуўмағына бола, денсаўлығына байланыслы керекли дәри-дармақлар, көз әйнеклер ҳәм санитария-гигиена қураллары тарқатылды.

-Буннан тысқары 12 жас өспирим, 3 майыплылығы бар жасларға кийим кеншеклер ҳәм басқада саўғалар тапсырылды,-дейди депутат Райхан Қармысова.-Сондай-ақ, 2006-жылы туўылған баланың аўҳалынан  хабар алынып, байрам саўғалары тапсырылды.

Бундай қайырқомлық ислер партия тәрепинен даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы