Мектеп хызметкерлериниң сыйлық пулының муғдары арттырылмақта

203

Бул ҳаққында Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң баспасөз хызмети мәлим етти.

Министрликтиң хабарына бола, жаңа нызамшылыққа муўапық, мектеп директоры ҳәм оның орынбасарлары сондай-ақ, мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми директорларының мийнет ҳақы муғдарлары арттырылмақта.

2025-жыл 1-сентябрьден баслап улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң директоры лаўазымының базалық тариф ставкасы 20 процентке, орынбасары лаўазымының базалық тариф ставкасы 15 процентке арттырылып, бақшалар директорлары лаўазымларының базалық тариф ставкалары III ҳәм IV топардағы улыўма орта билимлендириў шөлкеминиң директоры орынбасары лаўазымының базалық тариф ставкаларына теңлестириў арқалы арттырылады.

Республикамыздағы 10 мыңнан артық мектеп директорлары, 7 мыңға шамалас бақша директорлары ҳәм 35 мыңға шамалас мектеп директоры орынбасарларының мийнет ҳақы муғдарлары арттырылыўына ерисиледи.

2026-жыл 1-январьдан баслап улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң директор қорының қаржылары есабынан директор ҳәм оның орынбасарларына жумыс нәтийжелилигиниң көрсеткишлери (KPI) нәтийжесине бола базалық тариф ставкаларына тийислисинше 20 ҳәм 10 процент муғдарында ҳәр айлық үстемелер белгиленеди.

Районлық бөлимлерде қосымша штатлар ажыратылмақта ҳәм бул оқыўшылардың билимин баҳалаўды мониторинг етиў, оқыўшыларға шет тилин ҳәм кәсипке үйретиў ўазыйпаларын әмелге асырыў ушын тийисли лаўазымларды енгизиў имканиятын жаратады.

Аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң көп жыллық хызмети ушын хошаметлеў енгизилмекте (Министрлик системасындағы дерлик 15 мың басқарыў хызметкерлерине көп жыллық хызмети ушын хошаметлеў системасы жолға қойылады).

Мектеп хызметкерлери сыйлық пулы муғдарын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең аз муғдарының 75 процентине шекем (әмелде 50 процентке шекем) муғдарында етип белгиленбекте.

Және бир әҳмийетли өзгерис – бурынлары мектеплеримиздиң бос турған имаратларының ижарасынан түскен қаржылардың 40 процентин ғана сол мектепте қалатуғын еди. Ендигиден былай бул қаржылардың 75 проценти сол мектептиң раўажланыўына жумсалады.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА