Өзбекстан ҳәм ЮНИСЕФ арасындағы бирге ислесиў жаңа басқышқа шығады

369

Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева ЮНИСЕФтиң Өзбекстандағы ўәкилханасы басшысы Рехина Мария Кастижио ханым менен ушырасты.

Сәўбет даўамында еки тәреплеме бирге ислесиўди және де раўажландырыў, балалар ҳәм жаслардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм социаллық қорғаў системасын жетилистириў мәселелери додаланды.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, Өзбекстанда балалардың мәплерин қорғаў ҳәм олардың ҳәр тәреплеме раўажланыўын тәмийинлеў  бағдарында избе-из реформалар  әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, билимлендириўдиң сапасын арттырыў, басланғыш медициналық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў, инклюзив орталықты раўажландырыў және жаслар ҳәм жас өспиримлердиң руўхый саламаталығын  беккемлеўге қаратылған илажлар үлкен әҳмийетке ийе.

Сондай-ақ, ушырасыўда мектеплерде ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде сапалы билимди тәмийинлеў, балалар ушын социаллық қорғаў механизмлерин күшейтиў ҳәм қәнигелердиң маманлығын арттырыў бойынша бирге ислесиўди  және де кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысылды.

Тәреплер  Өзбекстан ҳәм ЮНЕСЕФ арасындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға, бар жойбарларды және де нәтийжели әмелге асырыўға  ҳәм балалардың ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылған жаңа басламаларды алға қойыў мәселесинде биргеликте жумыс алып барыўға келисип алды.

Ушырасыў жуўмағында балалар ҳәм жаслар ушын турақлы раўажланыў имканиятларын жаратыў жолында өз-ара бирге ислесиўди және де беккемлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

Н.Абдураимова, ӨзА