“Сиясатшы ҳаял-қызлар клубы” өз жумысын баслады

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң киши мәжилислер залында “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси жанында шөлкемлестирилген “Сиясатшы ҳаял-қызлар клубы”ның ашылыў мәресими болып өтти.
Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, Халық депутатлары қалалық, районлық Кеңеслерине усы партиядан сайланған депутатлар, партияның Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ўәкиллери, ветеранлары, “Ҳаял-қызлар қанаты” белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Илажды “Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы Т.Романов алып барды.
“Миллий тикланиш” демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығының Ҳаял-қызлар ҳәм жаслар мәселелери бойынша орынбасары З.Тажихожаева, Жоқарғы Кеңес депутаты Н.Әметовалар “Ҳаял-қызлардың сиясий белсендилигин арттырыўдың усыл ҳәм қураллары: МТДП ҚР Кеңесиниң жумыслары мысалында”, “Өзбекстан Республикасында ҳаял-қызлардың билим алыў ҳуқықы ҳәм кәсиплик раўажланыў имканиятлары” атамасындағы баянатлары менен шығып сөйледи. Сондай-ақ, илажда ҳаял-қызларды қарар қабыл етиў процесслерине тартыў ҳәм басқарыўда олардың ролин арттырыў мәселелери де додаланып пикир-усыныслар билдирилди.
Атап өтилгениндей, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, оларды басқарыўда қарарлар қабыл етиў процесине кеңнен тартыў, сиясатшы ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде партияның жанында еки структура, яғный “Ҳаял-қызлар қанаты” ҳәм 2020-жылы “Депутат ҳаял-қызлар клубы” шөлкемлестирилген еди. Өткен дәўир даўамында усы структуралар тәрепинен ҳаял-қызлардың машқалаларын өз ўақтында анықлаў, аўыр жағдайға түсип қалған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, олардың жасаў ҳәм мийнет шараятларын жақсылаў, шаңараққа байланыслы мәселелерди шешиўдиң конструктивлик системасын енгизиўге айрықша итибар қаратылды.
Ҳаял-қызларға байланыслы 100 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге усыныслар берилди. Ҳәр бир депутат ҳаялға бир-биреўден сиясий белсенди жаслар “Устаз-шәкирт” дәстүри тийкарында, жәми 500 студент-қызлар бириктирилип, олар партия резервине киргизилди. Ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге қаратылған мәнзилли жәмийетлик-сиясий, экономикалық, руўхый ҳәм ағартыўшылық жойбарлар жолға қойылды.
Соның ишинде, партияның “Ҳаял-қызлар қанаты” ҳәм “Депутат ҳаял-қызлар клубы” ағзалары тәрепинен өткен дәўирде жәми 1568 “Көшпели қабыллаў” өткерилди. Оларға 5607 адам қамтып алынды. Ҳаял-қызларға тиккелей тийисли 1917 мүрәжат болды. Тараўлар кесиминде бәнтлик мәселелери бойынша 448, банк кредити бойынша 180, денсаўлықты сақлаў бойынша 1065, турақ жай мәселелери бойынша 102 мүрәжат келип түсип, олардың 92 си унамлы шешилген. “Устаз-шәкирт” дәстүрин раўажландырыў, бәнтлиги тәмийинленбеген ҳаял-қызларды бийпул кәсип-өнерге үйретиўге қаратылған “Хызмет-бийминнет” жойбары “Ҳаял-қызлар” қанатының тийкарғы жойбарларынан саналады. Депутат ҳаял-қызлар менен биргеликте жәми 91 оқыў курсы ашылды. Оларға жәми 478 бәнтлиги тәмийинленбеген ҳаял-қызлар қамтып алынып, кәсип-өнерге бийпул оқытылды, 102 си өз исбилерменлигин баслады.
2024-жылы парламентке ҳәм жергиликли Кеңеслерге болып өткен сайлаўларда Олий Мажлис Нызамшылық палатасына партияның Қарақалпақстан Республикасы кеңесинен 1 ҳаял-қыз, Олий Мажлис Сенатына 1 ҳаял-қыз, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 2 ҳаял-қыз, Халық депутатлары қалалық, районлық Кеңеслерине 24 ҳаял-қыз депутат болып сайланды. Бүгинги күнде партияның Қарақалпақстан Республикасындағы ағзаларының саны 51130, соның 47 проценти ҳаял-қызлардан ибарат.
Партия Орайлық Кеңесиниң 2025-жыл 23-январьдағы I Пленумында партия төменги структураларының усынысларын есапқа алған ҳалда шөлкемниң шөлкемлестириў структурасына өзгерис киргизилип, “Депутат ҳаял-қызлар клубы” тек ғана ҳаял депутатларды бирлестирип қоймастан, ал оның қурамы ҳәм мақсет-ўазыйпалары кеңейтилип, оның статусы жаңаланды ҳәм бул структура “Сиясатшы ҳаял-қызлар клубы”на өзгертилди.
Клуб енди тек ғана ўәкилликли уйымлардағы ҳаял депутатларды емес, ал ветеранларды ҳәм бурынғы депутатларды, сиясатқа қызығыўшы барлық ҳаял-қызларды нызам дөретиўшилиги процесслерине тиккелей тартатуғын шын мәнисинде сиясатшы ҳаял-қызлардың шеберлик мектебине айланады.
– Клуб өз жумысында партияның 2025-2029-жылларға мөлшерленген Сайлаўалды бағдарламасынан келип шыққан ҳалда төмендегилерге итибар қаратады. Яғный, той ҳәм шаңарақлық мәресимлерди тәртипке салыўға қаратылған Нызам бойынша баслама көтериў, студент аналардың перзентлери ушын жоқары билимлендириў мәкемелери жанында арнаўлы балалар бөлмелери ямаса бақшалар шөлкемлестириў, перзент туўған ҳаялларға бала үш жасқа толғанға шекем ҳақы төленетуғын “Аналық дем алыс” бериў системасын енгизиў ҳәм басқа да әҳмийетли усы сыяқлы ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеўде “Ҳаял-қызлар қанаты” менен “Сиясатшы ҳаял-қызлар клубы” ағзаларының өз-ара бирге ислесиўин жолға қойыўдан ибарат,-дейди З.Тажихожаева.
Соның менен бирге клубымыздың режеси ислеп шығылған болып Реже “Миллий тикланиш” демократиялық партиясының Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде партиядан ўәкилликли уйымларға сайланған депутат ҳаял-қызлар, “Ҳаял-қызлар қанаты” белсендилери, басланғыш партия шөлкемлериндеги басшы ҳаял-қызлар ҳәм Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы Жаслар парламентине ағза ҳаял-қызлардың бирге ислесиўин жолға қойыў ҳәм олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў шеңберинде ислеп шығылған.
Илаж даўамында депутат ҳаял-қызлар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип, келешекте клуб жумысын және де раўажландырыў бойынша усыныслар билдирилди. Онда барлық дәрежедеги партия шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелер көлеминде, тийисли бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте буннан былай да даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Илаж соңында партия “Ҳаял-қызлар қанаты” белсендилери естелик саўғалары менен сыйлықланды ҳәм илаж қатнасыўшыларын Жоқарғы Кеңестиң жумысы менен таныстырыў мақсетинде саяхат шөлкемлестирилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги