“Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог” ҳүрметли атағы шөлкемлестирилди

260

Усы жыл 19-март күни “Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог” ҳүрметли атағын шөлкемлестириў ҳаққындағы Нызам қабыл етилди.

Нызамға бола, “Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен эколог” ҳүрметли атағы мәмлекетимизде экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўын раўажландырыў, тәбиятты қәстерлеп сақлаў, биологиялық көп түрлиликти сақлаў, климат өзгериўи ақыбетлерин жумсартыў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм оларды қайта тиклеў бағдарында салмақлы нәтийжелерге ерискен экобелсендилерге бериледи.

Сондай-ақ, экологиялық жақтан таза ҳәм инновациялық технологияларды ислеп шығыўда ҳәм әмелиятқа енгизиўде, жасыл аймақларды кеңейтиўде ҳәм көклемзарластырыў жумысларында айрықша баслама көрсеткен, халықтың экологиялық мәдениятын арттырыў, жас әўладты тәбиятқа ҳүрмет руўхында тәрбиялаў ҳәм системада жоқары маман кадрларды таярлаў бағдарында пидәкерлик пенен мийнет етип атырған қәниге-хызметкерлерге ҳәм тараўдың басқа да ўәкиллерине сондай-ақ, бул бағдарда жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырып атырған экобелсендилерге бериледи.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди – деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги