Толық жасалма интеллект тәрепинен жаратылған биринши газета басып шығарылды

Италияның Il Foglio газетасы толық жасалма интеллект тәрепинен жаратылған дәслепки санын басып шығарды, деп хабар берди The Guardian . Газета – төрт бетлик.
Газета редакторы Клаудио Черазаның айтыўынша, бундай газетаны шығарыўдан мақсет – “жумыс ислеўимиз ҳәм турмысымызға” жасалма интеллект қаншелли тәсир көрсетип атырғанын көрсетиў. Газетаны таярлаў процесинде журналистлер жасалма интеллектке тек ғана сораўлар берди ҳәм оның жуўапларын көширип алды.
Текстлер, атамалар, цитаталар, ҳәттеки өкпе-гийнелер – нейротармақтың дөретиўшилик өними болып табылады.
Газетада “италиялы трампшылар парадокси,” Италия экономикасы, дәрамат салығы реформаларына бағышланған мақалалар бар. Ондағы бир мақала Владимир Путинге бағышланған.
Жасалма интеллектли газета 18-марттан газета дүканларына тарқатылды. Атап өтилиўинше, газетадағы барлық мақалалар тәртип пенен жайластырылған, түсиникли тилде жазылған, грамматикалық қәтелерден жырақ. Il Foglio жасалма интеллект пенен тәжирийбени даўам ететуғынын ҳәм әдеттеги газетаны да шығарыўды тоқтатпайтуғынын мәлим еткен -деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги