Саида Мирзиёева АҚШ Конгресси ағзасы менен ушырасты
227

Президент жәрдемшиси Саида Мирзиёева Америка Қурама Штатлары Конгресси ағзасы, Өзбекстан менен бирге ислесиў бойынша парламент кокуси қатнасыўшысы Кэрол Миллер менен ушырасыў өткерди. Бул ҳаққында Президент жәрдемшиси өзиниң Телеграмдағы каналында жазды- деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Атап өтилиўинше, сәўбетлесиў даўамында Саида Мирзиёева ҳәм Кэрол Миллер Өзбекстан – АҚШ қатнасықларын және де беккемлеў бойынша пикир алысқан.

“Билимлендириў тараўындағы реформалар, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў, бул бағдарларда Конгресс пенен бирге ислесиўди күшейтиў мәселелерине тоқтап өттик. Қызғын сәўбет ҳәм қоллап-қуўатлағаны ушын Миллер ханымға миннетдаршылық билдиремен,” деп жазады Мирзиёева.
Қарақалпақстан хабар агентлиги