Байрам илажлары усындай тыныш елге жарасады

256

Шоманай районында да Наўрыз байрамына бағышланған илажлар “Қәдириятларың мәңги болсын!” сүрени астында көтериңкилик руўхында болып өтти.

Байрам руўхын сезиў мүмкин болған ҳәр қыйлы илажлар, кеўил ашар бағдарламалар, көркем өнер шеберлериниң шығыўлары район халқына байрам қуўанышларын бағышламақта.

Илажда район ҳәкими А.Аметов районның социаллық-экономикалық жетискенликлерине, Президентимиздиң басламасы менен районда әмелге асырылып атырған реформаларға тоқтап өтип,  қатнасыўшыларды байрам менен қызғын қутлықлап, жақсы тилеклерин билдирди.

– Район халқы Наўрыз байрамын өзиниң миллий дәстүрлери менен қәдириятларын тиклеў, оларды келешек әўладларға жеткериў имканияты сыпатында қабыл етпекте,-деп хабар бермекте район ҳәкимлигиниң баспасөз хызмети.

Байрам илажлары даўамында районның барлық орынларында миллий тағамлар таярланып, өнерментшилик буйымлары ҳәм қол мийнети өнерментлишилигиниң көргизбелери шөлкемлестирилди.

Байрамда қошқар урысы ҳәм ат бәйгиси жарыслары өткерилди. Онда республиканың түрли районларынан қошқарпазлар қатнасып өз-ара күш сынасты. Күшли гелле қойған қошқарлар ҳәм ким озарға кеткен атлар бирин-бири қуўып өтип, халыққа әжайып тамаша берди.

Жеңимпазлар район ҳәкимлиги тәрепинен сыйлықланып барылды.

Әлбетте, бундай салтанатлы халық сейили, хош кейпият, әжайып байрам илажлары усындай тыныш елге жарасады. Байрам илажлары барлық орынларда көтериңкилик руўхында даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги