Тақыятаслылар Наўрызды жоқары кейпиятта байрамламақта

256

Бәҳәр мәўсиминде елимизде жаңаланыў, жасарыў байрамы болып белгиленетуғын Наўрыз байрамы республикамыз бойлап орынларда көтериңки кейпиятта байрамланбақта.

Тақыятас районында да «Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!» атамасында байрам илажы болып өтти.

Байрам салтанатында район ҳәкими К.Айтбаев сөзге шығып, халқымызды гөззаллық, жаңаланыў әййямы болған Наўрыз бенен қызғын қутлықлап, елимизде Президентимиздиң басышылығында алып барылып атырған реформалар район халқының жақсы турмыс кешириўи ушын да кең имканиятларды жаратып берип атрығанлығы ҳаққында айта отырып, дийқанлардың қырманы бәлент болыўын тиледи.

Буннан соң көркем өнер шеберлери менен бирге жас талант ийелери тәрепинен театрластырылған байрам композициясы қойып берилди. Миллий қосықлар атқарылып, аяқ-ойынға түсип, байрам илажы миллий тағамлар көргизбеси ҳәм спорт тамашалары менен даўам етти. Қошқар дүгиси, қораз урысы ҳәм спорт жарысларының жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Байрам райондағы мәҳәллелерде даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги