Мәмлекетке сатыў арқалы жылына 7-10 миллион сум дәрамат

Альтернатив энергия дереклеринен пайдаланыў алыс аймақларда да кеңнен енгизилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 16-февральдағы «Қайта тиклениўши энергия дереклерин ҳәм энергия үнемлеўши технологияларды енгизиўди жеделлестириў ҳаққында»ғы қарары менен орынларда қуяш панельлерин орнатыў жумысларын муўапықластырыў ўазыйпасы бажыхана уйымларына бириктирилген. Усы бағдарда Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында дүзилген жумысшы топар ўәкиллери Елликқала районындағы тоқымашылық кәрханасында орнатылған қуяш панельлерин орынға шыққан ҳалда үйренди.
Жумысы тиккелей электр энергиясы менен байланыслы ҳәм оған талабы жоқары болған бул кәрхана ҳәзирги ўақытта 50 кВт/саат қуўатлылықтағы қуяш панельлерин орнатқан. Соның нәтийжесинде қыстың соңғы айларында электр энергиясына төленип атырған ақшаның 5-6 миллион сум муғдарын үнемлеўге ерискен. Үлкемизге қуяшлы күнлердиң кирип киятырғанлығы инабатқа алынса, бул көрсеткиш және де өсиўи турған гәп.
Усы жерде орынларда орнатылып атырған қуяш панельлериниң статистикасын жүргизиўдиң дурыслығын тексериў мақсетинде Бажыхана комитети тәрепинен “Жасыл энергия” мәлимлеме системасы енгизилген болып, бажыхана хызметкерлери тәрепинен орынларға шыққан ҳалда үйренилген объектлердиң мағлыўматлары системада тастыйықланатуғынлығын атап өтиўимиз керек.
Усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасында жәми 23446 исбилерменлик субъектлерине 15,43 МВт (мегаватт), 4929 халық хожалықларына 15,13 МВт қуўатлылықтағы, 1136 социаллық объект ҳәм мәмлекетлик мәкемелерге 14,93 МВт қуяш панельлери орнатылған. Улыўма есапта аймақта бүгинги күнде саатына 45 МВт.лық электр энергиясын альтернатив энергия дереклери ислеп шығармақта.
Елликқала районы Бостан қаласы Ығбал мәҳәллесинде жасаўшы Ш.Атамуратов шаңарағына 6 кВт.лық қуўатлылықтағы қуяш панельлерин орнатқан. Шаңараққа тийисли мүтәжлиги орташа 20 кВт.ты қурайтуғын шаңарақ, зәрүриятын қуяш панельлери есабынан толық қапламақта. Мүтәжлигинен артқан энергияны тармаққа жиберип, мәмлекетке сатыў арқалы жылына 7-10 миллион сум муғдарында дәрамат та таўып атыр.

Альтернатив энергия дереклериниң әмелиятқа кеңнен енгизилиўи мәмлекетимизде энергия жетиспеўшилигиниң алдын алыўға хызмет етип, қосымша дәрамат дерегине де айланып атыр. Бул болса өз гезегинде, елимиз экономикасының турақлы өсиўине мүмкиншилик жаратады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги