Елликқалада Наўрыз байрамы салтанатлары болып өтти

357

Наўрыз улыўма халық байрамы мүнәсибети менен орынларда байрам илажлары көтериңки руўхта өткерилмекте. Усындай байрам илажы Елликқала районындағы орайлық амфитеатрда да болып өтти.

“Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!” сүрени астында өткерилген байрам салтанатлары шеңберинде дәслеп жыйналғанлар район ҳәкими В.Ниязимбетовтың басшылығында мәҳәлле ҳәм шөлкемлер тәрепинен таярланған миллийлик руўхындағы көргизбелер менен танысты,- деп мағлыўмат береди Елликқала районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Елликқала районы орайындағы амфитеатр жанындағы егислик майданына “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеңберинде мийўели терек нәллери егилди.

Район ҳәкими В.Ниязимбетов байрам концерт бағдарламасы басланыўынан алдын, Наўрыз әййямы менен халықты қутлықлап, ең жақсы тилеклерин жоллады.

Сондай-ақ, район ҳәкими белсенди мәҳәлле басшыларына миннетдаршылық хатын ҳәм баҳалы саўғалар тапсырды.

Ел сүйген көркем өнер шеберлериниң шығыўлары, бәҳәрги тағамлар, миллий ҳәм өнерментшилик өнимлериниң көргизбелери, театр жәмәәтлери, ҳәр қыйлы ансамбльлер ҳәм кишкене балалардың, фольклор жәмәәтлериниң шығыўлары байрам салтанатларына өзгеше пайыз бағышлады.



Район ҳәкимлигиниң басламасы менен райондағы белсенди ҳаял-қызлар тәрепинен таярланған сүмелек, кәрхана-шөлкем, мәкеме ҳәм билимлендириў дәргайлары тәрепинен көрсетилген миллий ҳәм бәҳәрги тағамлар көргизбелери, безелген отаў ҳәм байрам дастурханы елимиздеги молшылық, қут-берекеттиң белгиси болды.

Сейил көринисинде болып өткен байрам илажы жас художниклердиң сүўрет салыўы, қуслар сейили, дәрўаз ойынлары, китап ярмаркасы, поэзия мүлкинин ең сайланды үлгилеринен айтыслар айтқан жаслардың илажлары менен және де көркемлести.

Наўрыз түрли миллет ўәкиллерин бирлестирген, қәдириятлар байрамы. Көп миллетли Ўатанымызда жасап атырған өзбек, қарақалпақ, қазақ, түркмен миллетине тийисли миллий дәстүрлер сәўлелендирилди.

Байрам салтанатлары районның барлық аймақларында даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги