Қытайлы инвесторлар менен ушырасыўлар болып өтти

Инвестициялар мәмлекеттиң экономикалық жақтан раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе. Соңғы жыллары инвестицияларды жедел тартыўға итибар күшейтилмекте.
Беруний районына Қытай Халық Республикасынан бир топар инвесторлар келди.
Инвесторлар район ҳәкими И.Хидиров пенен ушырасты. Инвестиция жойбарларын әмелге асырыў бойынша додалаўлар алып барды.
Соң, олар район аймағында жайласқан Султан Ўайис таў дизбегиндеги қурылыс материалларында қолланылатуғын түрли минерал таслар менен танысты, – деп мәлимлеме береди Беруний районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлими.
Ушырасыўда инвесторлар өзлериниң усынысларын билдирип өтти.
Сондай-ақ, Елликқала районына да Қытай Халық Республикасынан бир топар инвесторлар келди.



Елликқала районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, Район ҳәкими В.Ниязимбетов инвесторлар менен ушырасып усынысларын билдирип өтти. Сондай-ақ, жойбарды әмелге асырыў бойынша додалаўлар алып барылды.
Инвесторлар өндирис кәрханалары ҳәм районның туризм потенциалы менен танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги