Халықты кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм дәраматлы етиў бағдарындағы режелер түсиндирилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәҳәлле қыйтақ жерлеринен нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларын арттырыўға қаратылған жумысларды және де жеделлестириў ҳаққында»ғы 18-санлы бийлиги қабыл етилген еди. Усы бийликтиң орынланыўын тәмийинлеў ушын Беруний районына Халық банки АЖ бириктирилген.
Халық банки хызметкерлери тәрепинен ҳәр бир мәҳәлледе социаллық реестрге киргизилген ҳәм кем дәраматлы шаңарақларға жәрдем көрсетиў бойынша ушырасыўлар өткерип келмекте.
Гезектеги усындай ушырасыў Беруний районы ҳәкиминиң биринши орынбасары У.Матирзаев ҳәм Халық банки басқарма баслығының орынбасары Д.Кутлиев Азат аўыл пуқаралар жыйынында көшпели қабыллаў тәртибинде болып өтти,- деп мағлыўмат береди Беруний районы ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң баслығы А.Уразова.
Онда, усы бийлик тийкарында әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша кең түсиниклер берилди.
Сондай-ақ, кәмбағал шаңарақларға жаратылып атырған имканиятлардың нәтийжесинде халықты кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм дәраматлы етиў бағдарындағы режелер ҳаққында сөз етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги