Салы ҳәм бийдайдың жаңа сортлары ойлап табылмақта

120

Алдын хабар берилгениндей, усы жыл 23-24-февраль күнлери жаўған қалың қардан пайдаланып қалыў мақсетинде республикамыздың бийдай егилген районларында атызларға төгин бериў жумыслары қызғын даўам етпекте.

Нөкис районындағы дән ҳәм салы илимий-өндирислик бирлеспеси тәрепинен елимизге жаўған қардан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде ғәлле өнимин азықландырыў жумыслары алып барылмақта.

Бул сыяқлы жумыслар өз гезегинде усы өсимликлердиң раўажланыўы ушын үлкен әҳмийетке ийе.

Ҳәзирги ўақытта бирлеспениң лабораторияларында республикамыздың климат шараятына бейимлескен, стресс факторына шыдамлы болған дән өнимлериниң жаңа сортларын жаратыўда тәжирийбели селекционерлер тәрепинен кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, бүгинги күнге келип, селекционерлер тәрепинен бийдайдың “Қарақалпақ 100”, “Шортанбай”, “Амангүл” сыяқлы жаңа сортлары жаратылды.

Сондай-ақ, тәжирийбе жер майданларында бийдай туқымлары вернализация (тындырылған) усылында егилип, селекционерлер тәрепинен нәтийжели жумыслар жолға қойылған.

– Өткен еки күн даўымында жаўған қар халқымыздың ырысқы-несийбеси, деп ойлайман. Себеби, бийдайларымыз қардың астында жақсы жетилисип, берип қойылған төгинлер ерип, тамырына жетип раўажланыўына унамлы тәсир көрсетеди. Бирлеспемизге қараслы 228 гектар жерде бизлер жоқары сортлы туқым жетистирип атырмыз,-дейди бирлеспе директорының илимий ислер бойынша орынбасары Есбосын Садықов.

Бүгин атызларға аммоний-сульфатын берип атырмыз. Себеби, ол қар менен жақсы ерип, өсимликке тегис жетип барады. Усы мәўриттен пайдаланыў мақсетинде бийдайды азықландырып атырмыз. Енди бирлеспемиздиң илимий жумысларына тоқтап өтетеғын болсақ, биз ҳәзирги ўақытта салы ҳәм бийдай егинлериниң басланғыш селекциясы ҳәм туқымгершилиги менен шуғылланып атырмыз. Атап айтатуғын болсақ, жерлеримиздиң 160 гектарынан супер элита туқымын жетистирип атырмыз. Бийдай ҳәм салының Қарақалпақстан Республикасының климат шараятына шыдамлы болған сортларын жетистириў ушын селекционерлеримиз ҳәрекет етип атыр. Олардың пидәкерлик мийнети менен бүгинги күнде бийдай ҳәм салының жаңа сортлары жаратылды. Атап айтқанда, бийдайдың “Қарақалпақ 100”, “Шортанбай”, “Амангүл”, салының «Гүлистан», «Узын гүришли алма» деген суўды аз талап ететуғын сортлары жаратылды. Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлигиниң басламасы ҳәм бирге ислесиўинде 10 гектар майдан ушын 10 тонна бийдайды -5 градуста 45 күн даўамында суўытқышта сақлап вернализация, яғный тындырып қойыў усылында сақлап, егиў бойынша және бир тәжирийбени басладық. Оны суўытқышта сақламай дәстүрий усылда еккенде ямаса суўытқышта сақлап еккендеги айырмашылығын үйренип атырмыз. Бул нәрсе илимпазлар тәрепинен алдын үйренилген, бизлер де сынап көрип атырмыз. Суўытқышта сақлап егилген туқымда айырым генлериниң оянатуғынлығын көрдик. Соның нәтийжесинде туқымның көгериўшеңлиги, өсип раўажланыўы, оның егилген жерге бейимлесип кетиўи, тез арада тамыр жайып кетиўине үлкен тәсир көрсетеди екен.

Ҳәзирги ўақытта бул бағдардағы жумыслар нәтийжели даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.